1
1 Петр 4:8
Мухаддес Китап
КркМК22
Ең баслысы, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Өйткени сүйиспеншилик көп гүналарды жуўады.
ប្រៀបធៀប
រុករក 1 Петр 4:8
2
1 Петр 4:10
Ҳәр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳәр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер.
រុករក 1 Петр 4:10
3
1 Петр 4:11
Адамлар алдында сөйлеген адам Қудайдың сөзине сай сөйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Қудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масийх арқалы Қудай ҳәр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳәм қүдирет мәңги-бақый Масийхтики. Аўмийин.
រុករក 1 Петр 4:11
4
1 Петр 4:16
Бирақ сизлер масийхый болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Қудайды алғыслаңлар.
រុករក 1 Петр 4:16
5
1 Петр 4:7
Ҳәмме нәрсениң ақыры жақын. Сонлықтан дуўа етиў ушын ақыл менен ис тутып, сергек болыңлар!
រុករក 1 Петр 4:7
6
1 Петр 4:12-13
Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нәрсе деп, ҳайран болмаңлар. Керисинше, Масийхтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масийх салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар.
រុករក 1 Петр 4:12-13
7
1 Петр 4:9
Наразылық билдирмей, бир-бириңизге миймандос болыңлар.
រុករក 1 Петр 4:9
8
1 Петр 4:19
Сонлықтан Қудайдың ерки менен азап шеккенлер жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын ҳәм жақсылық ислеўин даўам етсин.
រុករក 1 Петр 4:19
9
1 Петр 4:1-2
Солай етип, Масийх денеси менен азап шекти. Сизлер де Масийхта болған ойлар менен өзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады. Буннан былай, дүньядағы өмириңиздиң қалған бөлегинде адамның жаман қәлеўлери бойынша емес, ал Қудайдың ерки бойынша жасаңлар.
រុករក 1 Петр 4:1-2
10
1 Петр 4:14
Масийхтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Қудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады.
រុករក 1 Петр 4:14
គេហ៍
ព្រះគម្ពីរ
គម្រោងអាន
វីដេអូ