Масийхты «Ийемиз» деп, жүрегиңизде айрықша қәстерлеңлер. Сизлердеги үмит ҳаққында сораған ҳәр бир адамға жуўап бериўге ҳәмме ўақыт таяр болыңлар. Деген менен, буны мүләйимлилик пенен, ҳүрмет көрсетип ислеңлер. Масийхқа тийисли болған сизлердиң жақсы жүрис-турысыңызды жаманлап мазақ ететуғынлар уялып қалыўы ушын, ҳүжданыңызды таза тутыңлар.