Мен жәриялап жүрген Ийса Масийх ҳаққында Хош Хабар арқалы, яғный Өзи әййемги ўақытлардан бери қупыя тутқан сырын ашыўы арқалы Қудай сизлердиң исенимиңизди беккемлейтуғын қүдиретке ийе. Усы сыр пайғамбарлардың Жазыўлары арқалы ҳәзир ашылып, мәңги жасайтуғын Қудайдың буйрығы бойынша, барлық миллетлерге мәлим етилди. Бул барлық миллетлердиң Қудайға исенип, Оған бойсынып жасаўы ушын болды. Жалғыз ҳәм дана Қудайға Ийса Масийх арқалы мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.