1
Римлилер 15:13
Мухаддес Китап
КркМК22
Үмиттиң тийкары болған Қудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳәм тынышлыққа толтырсын.
ប្រៀបធៀប
រុករក Римлилер 15:13
2
Римлилер 15:4
Бурын Мухаддес Жазыўларда айтылғанлардың ҳәммеси де бизлерге тәлим бериў ушын жазылған. Солай етип, бизлер олар арқалы сабырлылық ҳәм жубаныш таўып, үмит пенен жасай аламыз.
រុករក Римлилер 15:4
3
Римлилер 15:5-6
Сабырлылық ҳәм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Өзи сизлердиң Масийх Ийсадан өрнек алып, аўызбиршилик пенен жасаўыңызға жәрдем етсин. Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масийхтың Әкеси болған Қудайды биргеликте ҳәм бир аўыздан алғыслайсызлар.
រុករក Римлилер 15:5-6
4
Римлилер 15:7
Сонлықтан Қудайдың алғысланыўы ушын Масийх сизлерди қабыл еткениндей, сизлер де бир-бириңизди қабыл етиңлер.
រុករក Римлилер 15:7
5
Римлилер 15:2
Ҳәр биримиз жанымыздағы адамға руўхый күш бериў ушын, ол ушын жақсы болған нәрсени гөзлеп, оның мәпин ойлайық.
រុករក Римлилер 15:2
គេហ៍
ព្រះគម្ពីរ
គម្រោងអាន
វីដេអូ