YouVersion Logo
Search Icon

Лука 6:27-49

Лука 6:27-49 KRKNT

– Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным: Душпанларыңызды сүйиңлер, өзлериңизди жек көретуғынларға жақсылық ислеңлер. Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер, қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер. Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут. Шапаныңды тартып алғанға көйлегиңди де алыўға рухсат ет! Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер, сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма! Адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер! Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да өзлерин сүйгенлерди сүйеди-ғо. Егер өзлериңизге жақсылық ислегенлерге ғана жақсылық ислесеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да усылай ислейди-ғо. Егер сизлер қайтарып алыўдан үмит етип, қарыз берсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да қанша қарыз берсе, сонша қайтарып алыў ушын, гүнакарларға қарыз береди-ғо. Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, қүдиретли Қудайдың балалары боласызлар. Өйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли. Солай етип, Әкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар. – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсыз. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесиз. Бериңлер, сонда сизлерге де бериледи. Басып, силкитип толтырылған, тасып төгилген мөлшер менен етеклериңизге салып бериледи. Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди. Ийса оларға және бир тымсал айтты: – Соқырды соқыр жетелеп жүре ала ма? Екеўи де бир шуқырға қулап түспей ме? Шәкирт устазынан уллы емес. Бирақ ҳәр бир адам билимин жетилистиргеннен кейин, өз устазындай болады. Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең? Өз көзиңдеги қаданы көрмей турып, қалай: «Туўысқаным, қәне, көзиңдеги шөпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айта аласаң? Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп өз көзиңдеги қаданы шығар, сонда анық көрип, туўысқаныңның көзиндеги шөпти шығара аласаң. – Жаман мийўе беретуғын жақсы терек ҳәм жақсы мийўе беретуғын жаман терек жоқ. Ҳәр бир терек мийўесинен билинеди: ҳеш ким шеңгелден әнжир жыйнамайды, тикенликтен жүзим термейди. Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо. Неге сизлер Мени: «Ийем, Ийем» деп шақырып, айтқанларымды қылмайсызлар? Маған келип, сөзлеримди тыңлап, оларды орынлайтуғын адамның кимге уқсайтуғынын сизлерге айтайын: ол – жерди терең етип қазып, тийкарын жар тас үстине қалап, үй салған адамға уқсайды. Сел тасып, сол үйди соққылағанда, үй беккем салынғанлығы себепли, оны қозғалта алмайды. Бирақ сөзлеримди еситсе де, оны орынламайтуғын адам үйин жер үстине тийкарсыз салған адамға уқсайды. Суўлар тасып, бул үйди соққылағанда, ол сол ўақытта-ақ қулап, қатты қыйралып қалады.