Масийх гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жәриялаўшы, ал биреўлерди жәмәәт шопаны ҳәм устаз қылып қойды. Ол буны мухаддеслерди хызметке таярлаў ҳәм Өз денеси болған жәмәәтти беккемлеў ушын иследи. Нәтийжеде бизлердиң ҳәммемиз Қудайдың Улына исениўде ҳәм Оны билиўде бирликке ерисип, Масийхтың толық минсизлигине дейин өсип барамыз.