Шарап ишип, мәс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар. Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳәм руўхый қосықлардағы сөзлерди бир-бириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен шын жүректен алғыслаңлар. Бәрқулла ҳәмме нәрсе ушын, Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен Әкемиз Қудайға шүкирлик билдириңлер.