Қудай Өз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Өз Руўхы арқалы сизлерге күш-қуўат берсин. Исенимиңиз арқалы Масийх жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳәм тийкарланып, барлық мухаддеслер менен бирге Масийхтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳәм терең екенлигин түсинип алғайсыз. Және де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Қудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз.