Римлилер Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты Римдеги жәмәәтке елши Павел жазған. Римдеги жәмәәт яҳудий ҳәм басқа миллетлерден болған масийхыйлардан ибарат еди. Павел Римге барыўға таярлық көрип атырған еди. Оның хатты жазғандағы мақсети өзин Римдеги жәмәәтке таныстырыў, оларға Ийса Масийх ҳаққындағы тәлиматты түсиндириў ҳәм олардың жәрдеминде Испанияда өз хызметин даўам еттириў еди. Бул хатта Павел Хош Хабарды толық ҳәм ҳәр тәреплеме сүўретлейди. Хаттың негизги мәниси Павелдиң мына сөзлеринде өз орнын тапқан: Қудайдың адамды ақлайтуғыны Хош Хабарда ашық көрсетилген. Ақланыў исеним арқалы басланып, исеним арқалы даўам етеди. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳақ адам исеними менен жасайды» (1:17).
Хаттың биринши бөлиминде (1–4-баплар) Павел Хош Хабарды толық түсиндиреди. Ҳәр бир инсан, яҳудий болсын, басқа миллет болсын ҳәмме гүнакар бенде, сол себептен ҳәр бир адам Қудай менен жарасыўы керек. Буған саўап ислер, диншиллик ямаса Қудайдың нызамына әмел қылыў арқалы емес, ал Ийса Масийхқа болған исеним арқалы ғана ерисе алады.
Хаттың даўамында (5–8-баплар) Павел Муўсаның нызамы ҳәм Мухаддес Руўх туўрысында сөз қылады. Қудайдың нызамды не мақсетте бергенин түсиндирип, исениўши адамның өмиринде әмел қылатуғын Мухаддес Руўхтың қүдирети ҳаққында жазады. Кейин Павел итибарын Қудайдың қутқарыў жобасына қаратады (9–11-баплар). Бул жобада яҳудийлер ҳәм басқа миллетлердиң өзине жараса тутқан орны бар екенин айтып өтеди.
Хаттың кейинги бөлиминде (12–16-баплар) Павел масийхыйларға күнделикли өмирге тийисли нәсиятлар береди. Қудайға хызмет етиў, ҳүкиметке бойсыныў, адамлар алдындағы ўазыйпалар ҳәм ҳүждан мәселеси сыяқлы темаларды сәўлелендиреди. Хат сәлемнамалар менен тамамланады.

ទើបបានជ្រើសរើសហើយ៖

Римлилер Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22

គំនូស​ចំណាំ

ចែក​រំលែក

ចម្លង

None

ចង់ឱ្យគំនូសពណ៌ដែលបានរក្សាទុករបស់អ្នក មាននៅលើគ្រប់ឧបករណ៍ទាំងអស់មែនទេ? ចុះឈ្មោះប្រើ ឬចុះឈ្មោះចូល