Лебийлилер Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Лебийлилер китабы Таўраттың үшинши китабы. Бул китап Қудайдың Муўса пайғамбар арқалы берген нызам ҳәм қағыйдаларынан ибарат. Лебий урыўынан келип шыққанлар лебийлилер деп аталады, китапқа усы урыўдың аты тийкар болған.
Шығыў китабында Қудай Муўсаға Ушырасыў шатырын, яғный Мухаддес шатырды қурыў бойынша көрсетпелер берген болса, бул китапта сол Ушырасыў шатырында хызмет етиў ҳаққында сөз етиледи. Лебийлилер Ушырасыў шатырында Қудайдың арнаўлы хызметкерлери еди. Руўханийлер Лебий урыўына тийисли Харонның урпағынан келип шыққан. Китаптың тийкарғы бөлиминде руўханийлердиң ҳәм басқа лебийлилердиң ислейтуғын ўазыйпалары баян етиледи. Олардың ўазыйпалары Қудайға атап қурбанлықлар ҳәм садақалар бериўден, сондай-ақ, байрамларды ҳәм ҳәр түрли мәресимлерди өткериўден ибарат еди. Китапта және де ҳадал ҳәм ҳарам ҳайўанларға байланыслы нызамлар, адам денесин, кийимин ҳәм үйин қалай таза сақлаў кереклиги ҳаққында көрсетпелер ҳәм кәмбағалларға ғамхорлық қылыў туўрысындағы буйрықлар орын алған.
Китаптағы нызам-қағыйдалардың тийкарында пәклик ҳәм мухаддеслик жатыр. Мухаддеслик өзин гүнадан сақлаўды ҳәм Қудайға бағышланып жасаўды билдиреди. Қудай Өз халқының мухаддес Патшасы болғаны ушын, халық Қудайдың дәргайына келиў ушын қурбанлықлардың қаны арқалы гүнадан пәклениўи шәрт еди. Бул исте халыққа лебийлилер жәрдем беретуғын еди. Олар Қудайға мақул болып, Оның дәргайында болыў ушын китаптағы барлық нызам-қағыйдаларға әмел қылыўы шәрт еди.
ទើបបានជ្រើសរើសហើយ៖
Лебийлилер Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
គំនូសចំណាំ
ចែករំលែក
ចម្លង

ចង់ឱ្យគំនូសពណ៌ដែលបានរក្សាទុករបស់អ្នក មាននៅលើគ្រប់ឧបករណ៍ទាំងអស់មែនទេ? ចុះឈ្មោះប្រើ ឬចុះឈ្មោះចូល
© Институт перевода Библии, 2022