2 Петр Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты елши Петр жазған. Екинши хатында ол жалған устазлар себепли жәмәәтте пайда болған ишки келиспеўшиликлер ҳәм тәртипсизликлер туўрысында сөз етеди. Бул хат жазылған дәўирде исениўшилер жәмәәти арасына жалған устазлар кирип алып, масийхыйларды жолдан азғырып атырған еди. Петр өз хатында оқыўшыларға сондай устазлардан узақласыўды ескертип, сол өтирикшилердиң сөзсиз жаза алатуғынын айтып өтеди.
Жалған устазлар Масийхтың келиўине исенбей, Оннан бас тартқанлықтан, ақыретте олардың жазаланатуғынын айтады. Петр Ийемиздиң келетуғын күни ҳаққындағы теманы жарытады. Соның менен бирге, ол Ийемиздиң келиўин күтип атырған адамларды жигерлендиреди. Оларды таза ҳәм минсиз өмир кешириўге, Қудайға садық қалыўға ҳәм исенимде өсип барыўға шақырады.

ទើបបានជ្រើសរើសហើយ៖

2 Петр Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22

គំនូស​ចំណាំ

ចែក​រំលែក

ចម្លង

None

ចង់ឱ្យគំនូសពណ៌ដែលបានរក្សាទុករបស់អ្នក មាននៅលើគ្រប់ឧបករណ៍ទាំងអស់មែនទេ? ចុះឈ្មោះប្រើ ឬចុះឈ្មោះចូល