2 Коринфлилер Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты елши Павел Коринфтеги исениўши жәмәәтке жазған.
Павел бул хаттан бурын Коринфтеги исениўши жәмәәтке хат жибергенде, олардың қәте-кемшиликлерин әшкаралап, ақыл-нәсият бергенде, көп исениўшилер оған қулақ асып, тәўбе еткен еди. Деген менен, олардың арасындағы айырым адамлар Павелдиң сөзлерин тыңламай, кеңеслерине бийпәрўа қараған еди. Және де, усы адамлар жалған елшилердиң сөзине ерип, Павелдиң ҳақыйқаттан елши екенине гүман туўғызған ҳәм оны ҳәр түрли сөзлер менен айыплаған еди.
Павел бул хатында ескертиўлерине қулақ асқан исениўшилерди мақтап, олардың өзгергени себепли, өз қуўанышын билдиреди. Және Павел өзиниң хызмети ҳаққында ҳәм елши сыпатында бийликке ийе екени ҳаққында да оларға гүўалық береди ҳәм мүтәжликте жасап атырған Ерусалимдеги исениўшилерге жиберилетуғын ақшалай жәрдемди таярлап қойыўды тапсырады. Хаттың кейинги бапларында Павел Коринфтеги исениўшилер менен өзиниң арасындағы қатнасты бузып атырған жалған елшилерге қулақ аспаўды ҳәм дурыс тәлиматқа тийкарланыўды исениўшилерге қатаң ескертеди.
ទើបបានជ្រើសរើសហើយ៖
2 Коринфлилер Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
គំនូសចំណាំ
ចែករំលែក
ចម្លង

ចង់ឱ្យគំនូសពណ៌ដែលបានរក្សាទុករបស់អ្នក មាននៅលើគ្រប់ឧបករណ៍ទាំងអស់មែនទេ? ចុះឈ្មោះប្រើ ឬចុះឈ្មោះចូល
© Институт перевода Библии, 2022

: