1 Коринфлилер Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты елши Павел Эфес қаласында болғанда, өзиниң үшинши сапарының ўақтында Коринф қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған.
Коринф – Грецияның қубла тәрепинде жайласқан Ахая үлкесиниң бас қаласы болып, үлкен саўда-сатық орайы еди. Қала халқы грек философиясы менен қызығатуғын ҳәм даналықты жоқары баҳалайтуғын еди. Қалада бутларға салынған ибадатханалар бар еди. Олардың ишиндеги ең белгили болғаны, муҳаббат қудайы Афродитаға арнап салынған ибадатхана еди. Сол себептен қалада бузықшылық ҳәўиж алған еди.
Бул қаладағы исениўши жәмәәт Павел арқалы оның екинши сапарының ўақтында пайда болған еди. Қала турғынлары қандай жәмийетте жасаўына қарамастан, Павел айтқан Хош Хабарды еситкеннен соң Қудайға келип, ҳәр түрли руўхый сыйларға ийе болды.
Бирақ, Павел кеткеннен кейин олардың арасында бөлиниўлер, бузықшылықлар, тартыслар, бутқа шалынған қурбанлықтың гөшин жеў ҳәм өз ара даўлар сыяқлы көп машқалалар пайда болады. Сол себепли айырым жетекшилер Павелден ақыл-нәсият сорағанлықтан, Павел оларға бул хатты жазып жибереди. Павел хатында сол машқалаларды шешиў бойынша жол-жорықлар береди ҳәм машқалаларды Хош Хабарға тийкарланып, сүйиспеншилик пенен шешиў кереклигин айтады.
ទើបបានជ្រើសរើសហើយ៖
1 Коринфлилер Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
គំនូសចំណាំ
ចែករំលែក
ចម្លង

ចង់ឱ្យគំនូសពណ៌ដែលបានរក្សាទុករបស់អ្នក មាននៅលើគ្រប់ឧបករណ៍ទាំងអស់មែនទេ? ចុះឈ្មោះប្រើ ឬចុះឈ្មោះចូល
© Институт перевода Библии, 2022

: