Масийхқа деген исеним менен, Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп, Қудай Масийхты адамлар ушын қурбанлыққа бағышлады. Қудай бул арқалы Өз әдиллигин көрсетти. Себеби Қудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарды кеширди. Және де, ҳәзирги ўақытта Ол әдиллигин дәлиллеп, Өзиниң ҳақ екенин ҳәм Ийсаға исенген ҳәр бир адамды ақлайтуғынын көрсетти.