1
Римлилер 12:2
Мухаддес Китап
КркМК22
Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳәм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер.
ប្រៀបធៀប
រុករក Римлилер 12:2
2
Римлилер 12:1
Солай етип, ҳәй туўысқанларым, Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳақы сизлерге жалбарынаман: денелериңизди Қудайға унайтуғын мухаддес ҳәм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Қудай алдындағы ылайықлы хызметиңиз болады.
រុករក Римлилер 12:1
3
Римлилер 12:12
Үмит етип, қуўанып жасаңлар. Қыйыншылықларда сабырлы болыңлар. Үзликсиз дуўа етиңлер.
រុករក Римлилер 12:12
4
Римлилер 12:21
Жаманлықтан жеңилме. Ал, жаманлықты жақсылық пенен жең.
រុករក Римлилер 12:21
5
Римлилер 12:10
Бир-бириңизди туўысқанлық сүйиспеншилик пенен шын жүректен сүйиңлер. Бир-бириңизге өз ара ҳүрмет көрсетиўге тырысыңлар.
រុករក Римлилер 12:10
6
Римлилер 12:9
Сүйиспеншилигиңиз ҳақыйқый болсын. Жаманлықтан қашып, жақсылыққа жабысып алыңлар.
រុករក Римлилер 12:9
7
Римлилер 12:18
Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар.
រុករក Римлилер 12:18
8
Римлилер 12:19
Сүйикли туўысқанларым! Өзиңиз ушын өш алмаңлар. Ал буны Қудайға тапсырыңлар. Себеби Мухаддес Жазыўда Жаратқан Ийе былай дейди: «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен».
រុករក Римлилер 12:19
9
Римлилер 12:11
Интаңыз пәсеймесин. Ериншек болмаңлар. Ийемизге жалынлы руўх пенен хызмет етиңлер.
រុករក Римлилер 12:11
10
Римлилер 12:3
Қудайдың маған берген мийриминен пайдаланып, ҳәммеңизге айтып атырман: өзиңизди шектен тыс жоқары баҳаламаңлар. Керисинше, ҳәр бир адам Қудайдың өзине берген исенимине қарай, өзин ылайықлы баҳаласын.
រុករក Римлилер 12:3
11
Римлилер 12:17
Ҳеш кимниң жаманлығына жаманлық пенен жуўап қайтармаңлар. Ҳәммениң ойы бойынша жақсы деп саналған ислерди ислеўге тырысыңлар.
រុករក Римлилер 12:17
12
Римлилер 12:16
Өз ара аўызбиршиликли болыңлар. Менменликке берилмей, басқалар пәс көретуғын адамлар менен қатнас жасаңлар. Өзлериңизди басқалардан ақыллы санамаңлар.
រុករក Римлилер 12:16
13
Римлилер 12:20
Керисинше: «Душпаның аш болса, оны тойдыр, Егер шөллесе, суў бер. Солай ислеп, оны уялтарсаң».
រុករក Римлилер 12:20
14
Римлилер 12:14-15
Сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын Қудайдан жақсылық тилеңлер. Ғарғыс емес, ал жақсылық тилеңлер. Қуўанып атырғанлар менен бирге қуўанып, жылап атырғанлар менен бирге жылаңлар.
រុករក Римлилер 12:14-15
15
Римлилер 12:13
Мүтәжликте жасап атырған мухаддеслер менен барыңызды бөлисиңлер. Миймандос болыўға тырысыңлар.
រុករក Римлилер 12:13
16
Римлилер 12:4-5
Өйткени денемиз бир болса да, мүшелеримиз көп ҳәм мүшелеримиздиң атқаратуғын хызмети де ҳәр түрли. Сол сыяқлы, бизлер көп адам болсақ та, Масийхтың бир денесин қураймыз ҳәм өз ара байланыс жасайтуғын бир денениң мүшелеримиз.
រុករក Римлилер 12:4-5
គេហ៍
ព្រះគម្ពីរ
គម្រោងអាន
វីដេអូ