1
Юхан 15:5
Мухаддес Китап
Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар.
ប្រៀបធៀប
រុករក Юхан 15:5
2
Юхан 15:4
Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа өз-өзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар.
រុករក Юхан 15:4
3
Юхан 15:7
Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи.
រុករក Юхан 15:7
4
Юхан 15:16
Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Әкемнен не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди.
រុករក Юхан 15:16
5
Юхан 15:13
Дослары ушын өз жанын берген адамның сүйиспеншилигинен артық сүйиспеншилик жоқ.
រុករក Юхан 15:13
6
Юхан 15:2
Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де көбирек жемис берсин деп, путап тазалайды.
រុករក Юхан 15:2
7
Юхан 15:12
Мениң буйрығым мынаў: Мен сизлерди қалай сүйген болсам, сизлер де бир-бириңизди солай сүйиңлер.
រុករក Юхан 15:12
8
Юхан 15:8
Сизлер көп жемис берсеңлер, Әкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар.
រុករក Юхан 15:8
9
Юхан 15:1
– Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Әкем бағман.
រុករក Юхан 15:1
10
Юхан 15:6
Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады.
រុករក Юхан 15:6
11
Юхан 15:11
Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым.
រុករក Юхан 15:11
12
Юхан 15:10
Мен Әкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар.
រុករក Юхан 15:10
13
Юхан 15:17
Сизлерге буйрығым сол: бир-бириңизди сүйиңлер!
រុករក Юхан 15:17
14
Юхан 15:19
Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья өзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер. Өйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек көреди.
រុករក Юхан 15:19
គេហ៍
ព្រះគម្ពីរ
គម្រោងអាន
វីដេអូ