Болмаса, мен ҳәм халқың Сениң мийримиңе ерискенимизди қалай билиўге болады? Сениң бизлерге жолдас болғаныңнан емес пе? Тек усы арқалы ғана мен ҳәм Сениң халқың жер жүзиндеги басқа халықлардан айырылып турамыз.
Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Айтқаныңдай ислеймен. Себеби сен Мениң мийримиме еристиң ҳәм сени жақыннан таныйман, – деди.