– Минекей, Мен Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдиң улы Бесалелди таңладым. Оны Қудайдың Руўхына толтырып, оған өнерментшиликтиң барлық тараўларында қәбилет, уқып ҳәм шеберлик бердим. Ол алтын, гүмис ҳәм қоладан көркем ислерин ислеўге, ҳасыл тасларды жонып қондырыўға, ағаш усташылығы бойынша ҳәм ҳәр түрли өнерментшилик ислерин ислеўге қәбилетли.