1
Шығыў 20:2-3
Мухаддес Китап
КркМК22
– Мен – сени Мысырдан, қул болған жериңнен алып шыққан Қудайың Жаратқан Ийемен. Сениң Меннен басқа қудайларың болмасын.
ប្រៀបធៀប
រុករក Шығыў 20:2-3
2
Шығыў 20:4-5
Жоқарыдағы аспанда, төмендеги жер жүзинде ҳәм жер астындағы суўларда болған ҳеш бир нәрсениң көринисин соғып, өзиңе бут жасама. Оларға табынба ҳәм хызмет қылма. Себеби Мен – сениң Қудайың Жаратқан Ийе, қызғаныўшы Қудайман. Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши, төртинши әўладына шекем жазалайман.
រុករក Шығыў 20:4-5
3
Шығыў 20:12
Ата-анаңды ҳүрметле. Сонда Қудайың Жаратқан Ийениң саған беретуғын жеринде өмириң узақ болады.
រុករក Шығыў 20:12
4
Шығыў 20:8
Шаббат күнин мухаддес тутыўды есте сақла.
រុករក Шығыў 20:8
5
Шығыў 20:7
Қудайың Жаратқан Ийениң атын жөнсиз тилиңе алма. Өйткени Жаратқан Ийе Өзиниң атын босқа тилге алғанларды жазасыз қалдырмайды.
រុករក Шығыў 20:7
6
Шығыў 20:9-10
Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле. Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын.
រុករក Шығыў 20:9-10
7
Шығыў 20:17
Ҳеш бир адамның үйин күсеме. Оның ҳаялын, қулын, шорысын, өгизин, ешегин, ҳеш бир нәрсесин күсеме.
រុករក Шығыў 20:17
8
Шығыў 20:16
Ҳеш кимге қарсы жалған гүўалық берме.
រុករក Шығыў 20:16
9
Шығыў 20:14
Неке ҳадаллығын бузба.
រុករក Шығыў 20:14
10
Шығыў 20:13
Адам өлтирме.
រុករក Шығыў 20:13
11
Шығыў 20:15
Урлық ислеме.
រុករក Шығыў 20:15
គេហ៍
ព្រះគម្ពីរ
គម្រោងអាន
វីដេអូ