1
1 Коринфлилер 11:25-26
Мухаддес Китап
КркМК22
Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып былай деди: «Бул кесе – Мениң қаным менен бекитилетуғын жаңа келисим. Оны ҳәр ишкениңизде Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар». Себеби бул наннан ҳәр жегениңизде ҳәм бул кеседен ҳәр ишкениңизде, Ийемиз қайта келиўге дейин Оның өлими ҳаққында жәриялаған боласызлар.
ប្រៀបធៀប
រុករក 1 Коринфлилер 11:25-26
2
1 Коринфлилер 11:23-24
Сизлерге тапсырған мына жол-жорығымды мен Ийемизден алдым: қолға услап берилетуғын күни түнде Ийемиз Ийса қолына нанды алды да, шүкирлик билдирди ҳәм нанды сындырып, былай деди: «Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар».
រុករក 1 Коринфлилер 11:23-24
3
1 Коринфлилер 11:28-29
Ҳәр бир адам өзин тексерип көрсин, соңынан нанды жеп, кеседен ишсин. Өйткени ким де ким Ийемиздиң денесин писент етпей, ылайықсыз түрде нанды жеп, кеседен ишсе, өз-өзин Қудайдың ҳүкимине дуўшар қылған болады.
រុករក 1 Коринфлилер 11:28-29
4
1 Коринфлилер 11:27
Сонлықтан ким де ким ылайықсыз түрде Ийемиздиң бул нанын жеп, кесесинен ишсе, Ийемиздиң денесине ҳәм Оның қанына қарсы гүна ислеген болады.
រុករក 1 Коринфлилер 11:27
5
1 Коринфлилер 11:1
Мениң Масийхтан өрнек алғаным сыяқлы, сизлер де меннен өрнек алыңлар.
រុករក 1 Коринфлилер 11:1
គេហ៍
ព្រះគម្ពីរ
គម្រោងអាន
វីដេអូ