Сефания Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Сефания Яҳудада патша Иошияның ҳүкимдарлығының дәслепки жылларында пайғамбаршылық қылады. Б. э. ш. 621-жылы патша Иошия қайта өзгерис киргизиў өткерген еди. Оның хызмети өзгерис киргизиўден әўелги дәўирге туўры келген болыўы мүмкин. Еремия ҳәм Нахум пайғамбарлар Сефания пайғамбардың заманласлары болған.
Сефанияның дәўиринде Яҳуда халқы үмитин келешекке байлап, Қудайдың қүдирети менен душпанларын жер жүзинен жоқ қылыўға шын жүректен исенетуғын еди. Олар: «Қудайдың әдалат орнататуғын жеңис күнлерин үлкен салтанат пенен күтип аламыз», деп нийет қылып, сол дәўирди Жаратқан Ийениң күни деп атайтуғын еди. Сефания пайғамбар болса халықты ескертип, Жаратқан Ийениң күнинде Қудай бойсынбайтуғын бенделерди жазалайды, деп айтады. Қулақсыз Яҳуда халқы да, басқа халықлар қатары аўыр жаза алатуғынын Сефания алдын ала ескертеди. Деген менен, пайғамбар Қудайдың Өз халқына реҳимли екенин тастыйықлап өтеди. Халықтың ашшы тәғдири туўралы пайғамбаршылық қылған автор китапты үмитли сөзлер менен тамамлайды. Ерусалим келешекте ўайран болса да, ўақты келип, бул әзиз қала және тикленеди, ол жерди мөмин ҳәм ҳақ адамлар мәкан қылады, деп Сефания пайғамбар исеним менен тастыйықлап айтады.
Currently Selected:
Сефания Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: