Сефания 1
1
1Яҳуда патшасы Амон улы Иошия дәўиринде Хизкия әўладынан болған Кушийдиң улы, Гедалияның ақлығы, Амарияның шаўлығы Сефанияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
Яҳуданың ҳүким етилиўи
2«Жер жүзинен ҳәмме нәрсени сыпырып таслайман,
– дейди Жаратқан Ийе, –
3Адамларды, ҳайўанларды,
Аспандағы қусларды, теңиздеги балықларды,
Азғыратуғын затларды ҳәм жаўыз адамларды сыпырып таслайман.
Жоқ етемен жер жүзинен адамзатты,
– дейди Жаратқан Ийе. –
4Мен Яҳудаға ҳәм Ерусалим турғынларына қарсы қол көтеремен.
Баалға табыныўшылықтың излерин,
Бут руўханийлериниң ҳәм Өз руўханийлеримниң атларын өширемен.
5Тамға шығып, аспан денелерине табынып турып,
Маған да сыйынатуғынларды,
Мениң алдымда ант ишип турып,
Молох ҳақы да ант ишетуғынларды жоқ қыламан.
6Олар Меннен жүз бурды, изимнен жүрмеди,
Меннен жәрдем де, жол-жорық та сораўды қәлемейди».
7Қудай Ийениң алдында үнсизлик сақлаң,
Өйткени Оның ҳүким күни жақынласты.
Жаратқан Ийе қурбанлық асын таярлап,
Мийманларын мирәт етти.
8Жаратқан Ийе былай дейди:
«Сол қурбанлық күни,
Ҳәмелдарларды, патша улларын,
Жат халықтың кийимлерин кийгенлердиң ҳәммесин жазалайман.
9Босағадан атлап өтетуғынларды,
Зорлық ҳәм алдаў жолы менен,
Хожайынларының үйлерин байлыққа толтырғанларды,
Сол күни жазалайман».
10Жаратқан Ийе былай дейди:
«Сол күни Ерусалимниң Балық дәрўазасынан дад,
Қаланың таза бөлиминен пәрияд,
Төбешиклерден күшли ўайрангершилик даўысы еситиледи.
11Қаланың базар тәрепинде жасайтуғынлар, пәрияд шегиң.
Барлық саўдагерлериңиз жоқ болады,
Алды-сатты қылатуғынлар қырып тасланады.
12Сол күни шыра менен Ерусалимди аралап излеймен,
„Жаратқан Ийениң қолынан жақсылық та, жаманлық та келмейди“, – деп,
Өзлеринше ойлағанларды,
Өмирден заўықланып, бийғам жүргенлерди жазалайман.
13Олардың байлығы талан-тараж болып,
Үйлери ўайран етип бузылады.
Қурған үйлеринде жасамайды,
Тиккен жүзимзарларының шарабынан ишпейди».
Жаратқан Ийениң ҳүким күни
14Жаратқан Ийениң уллы ҳүким күни жақынласты,
Аз қалды, ол жүдә тез киятыр.
Қулақ салың! Жаратқан Ийениң күни келди,
Жаўынгерлердиң даўысы ашшы болады.
15Сол күн Қудайдың ғәзеп күни!
Қайғы ҳәм азап күн,
Қыйраў ҳәм апат күн,
Тас түнек ҳәм қараңғы күн,
Бултлы ҳәм гүңгиртли күн болады.
16Сол күни саўаш кәрнайлары шалынып, саўаш даўыслары шығады,
Қорғанлы қалалар менен минараларға қарсы шабыўыл жасалады.
17Жаратқан Ийе былай дейди:
«Адамлардың басына апат келтиремен,
Соқыр адамдай олар сүрнигеди,
Себеби олар Маған қарсы гүна иследи.
Олардың қаны суўдай ағады,
Денелери жерде қый сыяқлы шашылып жатады».
18Жаратқан Ийениң ғәзеп күни,
Гүмис ҳәм алтынлары оларды қутқара алмайды.
Жаратқан Ийениң қызғаныш оты пүткил дүньяны жандырып, жоқ қылады.
Жаратқан Ийе жер жүзинде жасап атырғанлардың ҳәммесин,
Қорқынышлы тәризде қыйратады.
Currently Selected:
Сефания 1: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

:
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022