YouVersion Logo
Search Icon

Хабаққуқ 3

3
Хабаққуқтың дуўасы
1Пайғамбар Хабаққуқтың жыр менен айтылатуғын дуўасы.
2Жаратқан Ийе, даңқыңды еситтим,
Сениң ислеген ислериңе таң қалдым,
Бизиң заманымызда да сондай ислерди және исле, о, Жаратқан Ийе,
Енди ҳәммеге мәлим болсын нелер ислей алатуғының.
Мийрим-шәпәәтиңди умытпа ғәзепленгениңде!
3Қудай жәрдемге келеди Теманнан,
Мухаддес Қудай келер Паран таўынан. Селаҳ#3:3 Селаҳ – бул саз термини болыўы мүмкин. Мәниси белгисиз. Забур жырларында жийи қолланылған.
Оның уллылығы қаплайды аспанды,
Оған арналған алғыс-мақтаўлар дүньяны толтырады.
4Оның нуры жылдырымдай жарқырар,
Нур шашылар Оның қолларынан,
Күш-қүдирети қолларында жасырынғандур.
5Ол Өзиниң алдынан иллет жиберер,
Өлтиретуғын кеселге изинен жүриўди буйырар.
6Ол турғанда жер силкинеди,
Нәзер таслағанда, халықлар титирейди.
Әййемнен киятырған таўлар қулап түсип,
Бурыннан бар болған төбешиклер шөгип, Оған бас ийеди,
Мәңгидур Қудайдың жоллары.
7Кушан адамларының өз шатырларында қорққанын,
Мидян жеринде жасайтуғын адамлардың титирегенин көремен.
8Жаратқан Ийе, сайларға ашыўландың ба?
Ғәзеплендиң бе дәрьяларға?
Ямаса өшиң бар ма еди теңизде?
Халқың ушын миндиң бе жеңилмес атларыңа ҳәм саўаш арбаларыңа?
9Сен атыў ушын оқ жайыңды аласаң,
Оқларыңды атыўға таярлайсаң. Селаҳ
Жер жүзин дәрьялар менен қақ бөлип таслайсаң.
10Титиреп кетер таўлар Сени көргенде,
Селлер тасып, барлық нәрсени жуўып кетер,
Теңиз түплери шырқырап, толқынлары көтерилер.
11Сениң оқларыңның ушқан нурынан,
Жылтыраған найзаңның жылтыраўынан,
Өз орнында қатып қалар қуяш пенен ай.
12Сен басып өтерсең жер жүзин ғәзеп пенен,
Халықларды қәҳәриң менен басып езерсең.
13Өзиң таңлаған халықты ҳәм тайынлаған патшаны қутқарыў ушын келесең,
Жаўыз елдиң басшысын тас-талқан етесең,
Толық жоқ қыласаң жаўыз патшалықтың күшлерин. Селаҳ
14Душпан әскерлери бизлерди дағытыў ушын қуйындай болып келер,
Буққы таслап, ҳәлсиз адамларды талан-тараж етер,
Сөйтип, олар шадланып қуўанар.
Ал Сен олардың басшысын өз найзасы менен өлтиресең.
15Атларың менен теңизди басып,
Уллы суўларды үйир етип, айландырасаң.
16Буларды еситкенимде, ләрзеге келди денем,
Қалтырап кетти мениң еринлерим,
Ерип кеткендей болды сүйеклерим,
Дәрмансызлықтан дизелерим титиреди.
Бирақ бизлерге ҳүжим қылғанлардың апатшылық күнин,
Күтемен мен сабырлылық пенен.
17Ҳәттеки, әнжир ағашы мийўелемей қалса,
Жүзим ағашлары жүзим бермесе,
Өним бермесе де зәйтүн ағашлары,
Атызларда зүрәәт болмай қалса да,
Қой қоралар босап қалса да,
Падада маллар қалмаса да,
18Мен бәри бир Жаратқан Ийеде йошланаман,
Қутқарыўшым Қудайыма қуўанаман.
19Қудай Ийе күшимдур мениң,
Ол аяқларымды кийиктиң аяғындай шаққан қылар.
Таўлардың үстинен мени жүргизер.
Атқарыўшылардың жетекшисине: тарлы саз әсбаплар менен айтылады.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in