YouVersion Logo
Search Icon

Зехария 5

5
Алтыншы аян: Ушып баратырған орама китап
1Мен және нәзер таслағанымда, ушып баратырған орама китапты көрдим. 2Периште меннен:
– Нени көрип турсаң? – деп сорады.
Мен:
– Ушып баратырған орама китапты көрип турыппан, оның узынлығы жигирма шығанақ, ени он шығанақ, – деп жуўап бердим.
3Сонда периште маған түсиндирип, былай деди:
– Бул китапқа пүткил жер жүзине келетуғын нәлет жазылған. Урлық қылғанлар орама китаптың бир тәрепиндеги жазыў бойынша, жалған ант ишкенлер екинши тәрепиндеги жазыў бойынша елден жоқ қылынады. 4Әлемниң Жаратқан Ийеси: «Нәлет жаўдыраман. Урының үйине ҳәм Мениң атым менен жалған ант ишетуғынлардың үйине нәлет жаўады. Нәлет сол үйде болып, жайдың ағашлары менен тасларын пүткиллей жоқ қылады», – дейди.
Жетинши аян: Ыдыс ишиндеги ҳаял
5Мениң менен сөйлескен периште келип, маған былай деди:
– Нәзер тасла, киятырған нәрсени көр.
6Мен:
– Бул не? – деп сорадым.
Периште:
– Киятырған нәрсе өлшем ыдысы. Бул – елдеги пүткил халықтың гүнасы, – деди.
7Қорғасыннан соғылған қақпағы ашылды, ыдыстың ишинде болса, бир ҳаял отырған екен.
8Периште:
– Бул ҳаял – жаўызлық, – деп, ҳаялды ыдыстың ишине ийтерип жиберди де, аўыр қақпағын жаўып таслады.
9Мен және нәзер таслап, еки ҳаялдың ушып киятырғанын көрдим. Олар ләйлектиң қанатларына уқсаған қанатларын самалда жайған еди. Олар келип, сол ыдысты алды да, аспанға көтерип алып кетти. 10Мен өзим менен сөйлесип атырған периштеден:
– Ыдысты қаяққа алып баратыр? – деп сорадым.
11Ол маған:
– Оны Шынар#5:11 Шынар – бул ески Бабилонияның аты. Жар 11:2 қараң. елине алып баратыр. Ол жерде оған сыйынатуғын үй қурып береди, үй тайын болғанда, ыдысты сол жерде бир түбелдирикке қояды, – деп жуўап берди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in