YouVersion Logo
Search Icon

Зехария 6

6
Сегизинши аян: Төрт саўаш арбасы
1Мен және нәзер таслағанымда, еки қола таўдың арасынан шығып киятырған төрт саўаш арбасын көрдим. 2Биринши саўаш арба қызыл атларға, екиншиси қара атларға, 3үшиншиси ақ атларға, төртиншиси ала-шубар атларға жегилген еди. Бул атлардың ҳәммеси күшли еди. 4Мен өзим менен сөйлесип турған периштеден:
– Мырзам, булар не? – деп сорадым.
5Периште былай деп жуўап берди:
– Булар көктеги төрт самал. Олар пүткил дүньяның Ийесиниң дәргайында болғаннан кейин, айланыўға шығады. 6Қара атларға жегилген саўаш арбасы арқаға, ақ атларға жегилген арба оның изинен барады, ал ала-шубар атларға жегилген арба қублаға кетеди.
7Сол күшли атлар жолға шығып, жер жүзин айланып шығыўға асықты. Периште оларға:
– Барыңлар, жер жүзин айланып шығыңлар, – деди. Сонда олар айланып шығыўға кетти. 8Кейин периште маған даўыслап:
– Қара! Атлар арқадағы елге барды. Ол жерде Жаратқан Ийениң еркин орынлады, Жаратқан Ийе ғәзептен қайтты, – деди.
Ешуаға берилген таж
9Жаратқан Ийеден маған төмендеги сөз түсти:
10– Бабилония сүргининен қайтып келген Хелдай, Тобия ҳәм Едаядан саўғаларын алып, сол күни-ақ, Сефания улы Иошияның үйине бар. 11Берилген гүмис ҳәм алтыннан таж соғып, оны Иосадақ улы бас руўханий Ешуаның басына кийгиз. 12Оған былай деп айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мине, Шақа деген адам! Ол турған жеринен шақалап, Мениң Ибадатханамды қурады. 13Аўа, Жаратқан Ийениң, яғный Мениң Ибадатханамды қуратуғын ол болады. Ол уллылыққа бөленеди, тахтында отырып, ҳүкимдарлық қылады. Руўханий де өз тахтында отырады, екеўиниң арасында бирлик орнайды». 14Бул таж Хелем#6:14 Хелем – бул Хелдай., Тобия, Едая ҳәм Сефания улы Хенниң#6:14 Хен – Иошия болыўы мүмкин. ғамхорлығына тапсырылып, Жаратқан Ийениң, яғный Мениң Ибадатханамда естелик болып қалады.
15Узақта жасайтуғынлар келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қурылысына қатнасады. Солай етип, мени сизлерге Әлемниң Жаратқан Ийесиниң жибергенин билип аласыз. Егер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзлерин булжытпай орынласаңыз, усылардың ҳәммеси орынланады.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in