YouVersion Logo
Search Icon

Зехария 4

4
Бесинши аян: Алтын шыра қойғыш ҳәм зәйтүн ағашлары
1Мениң менен сөйлескен периште қайтып келип, уйқыдан оятқандай етип мени оятты. 2Ол меннен:
– Нени көрип турсаң? – деп сорады.
Мен былай деп жуўап бердим:
– Ҳәмме жери алтыннан соғылған шыра қойғышты көрип турыппан, оның жоқарысында зәйтүн майына арналған бир тостаған турыпты. Шыра қойғыштың жети шырасы ҳәм олардың жети түтикшеси бар. 3Сондай-ақ, шыра қойғыштың қасында еки зәйтүн ағашы бар. Биреўи тостағанның оң тәрепинде, екиншиси сол тәрепинде турыпты.
4Мен өзим менен сөйлесип атырған периштеден:
– Булардың мәниси не, мырзам? – деп сорадым.
5Ол:
– Булардың мәнисин билмейсең бе? – деди.
Мен:
– Яқ, мырзам, – деп жуўап бердим.
6Соның ушын, ол маған мыналарды айтып берди:
– Жаратқан Ийе Зеруббабел#4:6 Зеруббабел – Яҳуда ҳәкими. Эзр 5:1-2. ушын мына сөзлерди айтты: «Күш ҳәм қүдирет пенен емес, ал Мениң Руўхым менен табысқа ерисесең. Бул Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзи. 7Сен не болыпсаң, ҳәй, бәлент таў? Зеруббабелдиң алдында сен бир тегислик болып қаласаң! Ол Ибадатхананың ақырғы тасын орнатқанда, халық: „Қандай гөззал, қандай гөззал!“ – деп бақырысады».
8Жаратқан Ийеден маған және төмендеги сөз түсти: 9«Үйимниң тийкарғы тасы Зеруббабелдиң қоллары менен қойылды, қурылысты да оның қоллары ақырына жеткереди. Сол ўақытта, Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мениң сени жибергенимди билесең. 10Қурылыстың кишкене иси басланған күнди ким менсинбейди? Адамлар Зеруббабелдиң қолындағы жазыўы бар қалайы тахтаны көргенде, шадланады».
Сонда периште маған былай деди:
– Мына жети шыра пүткил жер жүзине қарап туратуғын Жаратқан Ийениң көзлери.
11Мен периштеден мынаны сорадым:
– Шыра қойғыштың оң ҳәм шеп тәрепиндеги бул еки зәйтүн ағашларының мәниси не? 12Алтындай май ағып турған еки алтын түтикшениң қасындағы бул еки нәл нени аңлатады?
13Ол меннен:
– Булардың мәнисин билмейсең бе? – деп сорады.
Мен:
– Яқ, мырзам, – деп жуўап бердим.
14Периште:
– Булар пүткил дүньяның Ийесине хызмет етиўши ҳәм зәйтүн майы менен майланған еки адам#4:14 Майланған еки адам – бас руўханий Ешуа ҳәм Яҳуда ҳәкими Зеруббабел. болады, – деди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in