YouVersion Logo
Search Icon

Зехария 14

14
Саўаш ҳәм жеңис
1Мине, Жаратқан Ийениң ҳүким күни киятыр! Ҳәй, Ерусалим халқы, көз алдыңызда мал-мүлкиңиз талан-тараж болады.
2Ерусалимге қарсы саўаш ашыўы ушын барлық халықларды бир жерге топлайман. Қала басып алынып, жаўлар үйлерди тонайды, ҳаяллардың намысын аяқ асты қылады. Қалада жасайтуғынлардың жартысы сүргинге әкетиледи, қалғанлары болса, қалада қалдырылады.
3Кейин Жаратқан Ийе бурын саўаш ўақтында ислегениндей, сол халықларға қарсы урысады. 4Сол күни Оның аяқлары Ерусалим қаласының шығысындағы Зәйтүн таўының үстинде турады. Зәйтүн таўы екиге бөлинеди. Таўдың ортасында шығыстан батысқа қарап кеткен кең бир ойпатлық пайда болады. Сонда таўдың бир тәрепи арқаға, екинши тәрепи болса, қублаға жылысады. 5Сизлер бөлинген таўдың ортасындағы ойпатлық арқалы қашасыз. Бул ойпатлық Аселге дейин созылады. Яҳуда патшасы Уззия дәўиринде болған жер силкиниў ўақтында қалай қашқан болсаңыз, солай қашасыз. Сонда Қудайым Жаратқан Ийе барлық периштелер менен бирге келеди!
6Сол күни нур болмайды, нур таратып туратуғын аспан денелери қараңғыласады. 7Күн даўам ете береди, сонда күндиз бенен түнниң айырмашылығы болмайды. Кеште де жақты болып турады. Бул қашан жүз беретуғынын тек ғана Жаратқан Ийе биледи.
8Сол күни Ерусалимнен ағын суў ағып шығады, оның ярымы шығыстағы теңизге, қалған ярымы батыстағы теңизге қуйылады. Суў жазда да, қыста да ағып турады.
9Жаратқан Ийе пүткил дүньяның патшасы болады. Сол күни Жаратқан Ийе жалғыз Қудай болып, тек ғана Оның аты уллыланады.
10Пүткил ел Гебадан Ерусалимниң қубласындағы Риммонға дейин Иордан тегислигиндей болып қалады. Ал Ерусалим болса жоқарыда болып, Бенямин дәрўазасынан Биринши дәрўазаға ҳәм, Мүйеш дәрўазасына дейин, Хананел минарасынан патшаның жүзим искенжесине дейин өз орнында қалады. 11Адамлар сол жерге орналасып, тынышлық ишинде жасайды. Ерусалим енди қайтып жоқ қылыныўға тапсырылмайды.
12Ерусалимге қарсы урыс ашқан барлық халықларға Жаратқан Ийе мына аўыр кеселликти жиберип, жазалайды: еле аяғында турған ўақтында-ақ денелери ирип, көзлери уясында, тиллери аўзының ишинде ширип кетеди. 13Сол күни Жаратқан Ийе адамларды үлкен албыраўшылыққа түсиреди. Ҳәмме жанындағы адамның қолынан услап, бир-бирине қол көтереди. 14Яҳуда халқы да Ерусалимде урысады. Дөгеректеги барлық халықлардың байлығы, көп муғдарда алтыны, гүмис ҳәм кийимлери олжа етип алынады. 15Душпан ордасының атлары, ғашырлары, түйелери, ешеклери ҳәм барлық ҳайўанлары сол аўыр кеселликке шатылады.
16Ерусалимге қарсы саўаш ашқанлардан аман қалғанлары болса, ҳәр жылы Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патшаға тәжим қылыў ушын ҳәм Қос байрамын нышанлаў ушын Ерусалимге келеди. 17Егер жер жүзиндеги халықлардың биреўи Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патшаға тәжим қылыў ушын Ерусалимге келмесе, олардың елинде жаўын жаўмайды. 18Егер Мысыр халқы байрамға келиўден бас тартса, Жаратқан Ийе Қос байрамына келиўден бас тартқан басқа халықлардың басына салған аўыр кеселликти олардың басына да салады. 19Қос байрамын нышанлаўға шықпаған Мысыр халқының ҳәм басқа барлық халықлардың жазасы усы болады.
20Сол күни атлардың қоңыраўларында «Жаратқан Ийеге бағышланған», деп жазылады. Жаратқан Ийениң Үйиндеги қазанлар қурбанлық орынның алдында қолланылатуғын табақлар сыяқлы мухаддес болады. 21Ерусалим ҳәм Яҳудадағы ҳәр бир қазан Әлемниң Жаратқан Ийесине бағышланады. Сонда қурбанлық шалыўға келгенлер сол қазанларды қурбанлықтың гөшин писириў ушын қолланыўына болады. Сол күннен баслап, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Үйинде саўдагерлер болмайды.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in