Зехария 13
13
Гүнадан тазаланыў
1«Сол күни Даўыт әўладын ҳәм Ерусалим турғынларын гүнадан ҳәм ҳарамылықтан тазалаў ушын ағып турған бир булақ болады. 2Сол күни елден бутлардың атларын өширемен, артық олар еске алынбайды, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – жалған пайғамбарларды да, напәк руўхты да жоқ қыламан. 3Егер және биреў пайғамбаршылық қылатуғын болса, оның өз туўған ата-анасы: „Сен өлесең, себеби Жаратқан Ийениң аты менен жалған сөйлеп турсаң“, – дейди. Ал ол пайғамбаршылық еткен жағдайда, оның өз ата-анасы оның денесин түйреп, өлтиреди.
4Сол күни ҳәр бир жалған пайғамбар аян көрип, пайғамбаршылық етиўге уялатуғын болады. Пайғамбардың жүнли кийимин киймейди ҳәм адамларды қайтып алдамайды. 5Оның орнына ол: „Мен пайғамбар емеспен, дийханман. Жаслығымнан берли бир адамның қолында атызға қарайман“, – дейди. 6Биреў оннан: „Денеңдеги жаралар қай жерден пайда болды?“ – деп сорағанда, ол: „Булар досларымның үйинде арттырған жаралар“, – деп жуўап береди».
Шопанның өлтирилиўи, сүриўдиң тарқап кетиўи
7«Оян, ҳәй қылыш!
Мениң шопаныма, Мениң жақыныма қарсы шық,
– дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, –
Шопанды шаўып тасла,
Қойлар тарқалып кетсин.
Мен қозыларға қарсы қол көтеремен.
8Пүткил елде халықтың үштен екиси қырылып, жоқ болады,
– дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, –
Үштен бири аман қалады.
9Аман қалған үштен бирин оттан өткеремен,
Оларды гүмистей еритип, тазалайман,
Алтынды сынағандай, сынайман.
Олар Мениң атымды айтып шақырады,
Мен де оларға жуўап беремен,
„Булар Мениң халқым“, – деймен,
Олар да Мени: „Жаратқан Ийе – бизлердиң Қудайымыз“, – дейди».
Currently Selected:
Зехария 13: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: