Малахия Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Малахия пайғамбар Нехемияның заманласы болып, шама менен б. э. ш. 430-жылы хызмет еткен. Сол ўақытта Ерусалимдеги Ибадатхана қайта қурылып болған ҳәм Бабилонияға сүргин етилген яҳудийлердиң көбиси өз елине қайтып келген еди. Сол дәўирде олардың ўатаны Персия империясының қол астында болды.
Яҳудийлер ушын бул жүдә қыйын ўақытлар болып, кишкене Яҳуда үлкеси уллы Персия империясының арзымас бир бөлеги болғаны ушын, адамлар өзлериниң жарық келешегине деген үмитин жойтқан еди. Қурылған жаңа Ибадатханада Қудай Өз салтанатын ҳәм қүдиретин көрсетпегени ушын, халық Оның садық сүйиспеншилигине ҳәм әдиллигине екиленип қалады. Сол себепли олар Қудайға керекли дәрежеде ҳүрмет-иззет көрсетпей, Ибадатханаға итибарсыз болады ҳәм Қудайға мақул болмаған қурбанлықлар береди. Олар Қудайдың нызамларына әмел қылмайды, кәмбағал ҳәм жетим-жесирлерге жаман қатнаста болып, ҳаяллары менен ажырасады. Оннан бир ҳәм садақаларын Ибадатханаға алып келмейди, бул болса Қудайдың нәзеринде урлық еди.
Малахия пайғамбар халықты ескертеди, Жаратқан Ийениң келетуғыны ҳаққында хабар берип, Қудай Өз халқын ҳүким қылатуғынын, оларды пәклейтуғынын айтып жәриялайды. Ийемиз келиўинен алдын жол таярлайтуғын елшисин жиберетуғынын да айтып өтеди (3:1). Қудайдың Өз халқына беретуғын берекети ҳәм халқының жарық келешеги ҳаққындағы пайғамбаршылықлар да китаптан орын алған.
Currently Selected:
Малахия Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: