Зехария 1
1
Ийениң халқын Өзине қайтарыў ушын шақырыўы
1Дарийдиң патшалығының екинши жылының сегизинши айында, Иддоның ақлығы, Берехияның улы пайғамбар Зехарияға Жаратқан Ийеден мына сөзлер түсти:
2– Мен, Жаратқан Ийе, ата-бабаларыңызға қатты ғәзепленген едим. 3Сонлықтан халыққа айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Маған қайтың, Мен де сизлерге қайтаман. Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси айтады. 4Ата-бабаларыңыз сыяқлы болмаң! Алдынғы пайғамбарлар Әлемниң Жаратқан Ийесиниң атынан оларды ескертип: „Жаман жолларыңыздан ҳәм жаўыз қылмысларыңыздан қайтың“, – деген еди. Деген менен, олар қулақ салмады, Маған итибар да бермеди, – дейди Жаратқан Ийе. 5– Қәне сол ата-бабаларыңыз? Пайғамбарлар мәңги-бақый жасай ма? 6Қулларым пайғамбарлар арқалы буйырған сөзлерим ҳәм қағыйдаларым ата-бабаларыңыздың басына түскен жоқ па? Сонда олар тәўбе қылып: „Әлемниң Жаратқан Ийеси бизлердиң жүрген жолларымыз бенен ислеген ислеримизге жараса нени нийетлеген болса, соны иследи“, – деди».
Биринши аян: Атлар ҳәм атлылар
7Дарийдиң патшалығының екинши жылында, он биринши айдың, яғный шебат айының жигирма төртинши күни Иддоның ақлығы, Берехияның улы пайғамбар Зехарияға Жаратқан Ийеден аян арқалы сөз түсти.
8Түнде мен жырада мирта путалары арасында қызыл атқа минген бир адамды көрдим. Оның артында қызыл, қоңыр ҳәм ақ атлар бар еди. 9Сонда мениң менен сөйлесип баслаған периштеден:
– Мырзам, булар не? – деп сорадым.
Ол:
– Булардың не екенин саған көрсетемен, – деп жуўап берди.
10Сонда мирта путалары арасындағы адам да:
– Жаратқан Ийе буларды дүньяны гезип шықсын деп жиберди, – деди.
11Сонда атлылар мирта путалары арасындағы Жаратқан Ийениң периштесин мақуллап:
– Дүньяны гезип шықтық, пүткил дүнья тынышлық ҳәм аманлық ишинде! – деди.
12Сонда Жаратқан Ийениң периштеси:
– Әлемниң Жаратқан Ийеси, жетпис жылдан берли Ерусалим ҳәм Яҳуда қалаларына ғәзепленип келдиң. Енди қашанға дейин оларға Өз реҳимиңди көрсетиўден бас тартасаң? – деди. 13Жаратқан Ийе мениң менен сөйлесип турған периштеге меҳрибан ҳәм жубатыўшы сөзлер менен жуўап берди. 14Мениң менен сөйлесип турған периште маған мына хабарды жәриялаўды буйырды:
«Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Ерусалим ҳәм Сионды қатты қызғанаман. 15Ал бийғам жасап атырған басқа миллетлерге қатты ғәзеплендим. Өйткени Мен халқыма азғантай ашыўланған ўақтымда, олар халқыма қарсы жаўызлық үстине жаўызлық ислеген еди.
16Соның ушын, Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Ерусалимге мийрим-шәпәәтимди төгиў ушын қайтаман, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Үйим ол жерде қайта қурылады ҳәм Ерусалимге өлшейтуғын жип тартылады».
17Маған және мынаны да жәриялаўды буйырды:
«Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мениң қалаларымда және молшылық болады. Мен, Жаратқан Ийе Сионды және жубатаман, Ерусалим және Мениң таңлаған қалам болады».
Екинши аян: Төрт мүйиз ҳәм төрт темирши
18Кейин мен нәзер таслағанымда, төрт мүйизди көрдим. 19Мениң менен сөйлескен периштеден:
– Булар не? – деп сорадым.
Ол маған:
– Булар Яҳуда, Израил ҳәм Ерусалим халқын тарқатып жиберген мүйизлер, – деп жуўап берди.
20Соннан соң, Жаратқан Ийе маған төрт темиршини көрсетти. 21Мен:
– Булар не ислейин деп атыр? – деп сорадым.
Периште:
– Мына мүйизлер Яҳуда халқын бас көтере алмайтуғындай етип тарқатып жиберген еди. Бул темиршилер Яҳуда халқын тарқатыў ушын ҳүжим қылған миллетлерди қорқытып, мүйизлерин қулатыў ушын келди, – деп жуўап берди.
Currently Selected:
Зехария 1: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022