Зехария 2
2
Үшинши аян: Өлшеў жиби
1Кейин мен және нәзер тасладым ҳәм қолында өлшейтуғын жиби бар бир адамды көрдим. 2Мен оннан:
– Қаяққа баратырсыз? – деп сорадым.
Ол маған:
– Ерусалимди өлшеўге, ени ҳәм узынлығы қанша шығатуғынын көриўге баратырман, – деп жуўап берди.
3Кейин, мениң менен сөйлесип атырған периште кетип баратыр еди, басқа бир периште алдынан шығып, 4оған былай деди:
– Тез барып, сол адамға айт: «Ерусалимде адам ҳәм маллар соншелли көп болғанлықтан, дийўалларының ишине сыймай қалады. 5Мениң Өзим оның дөгерегиндеги отлы дийўалы, ишиндеги салтанаты боламан, – дейди Жаратқан Ийе».
Сүргиндегилердиң өз елине шақырылыўы
6«Қәнекей, арқа тәрептеги елден қашыңлар, – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби сизлерди жердиң төрт тәрепине тарқатып жибердим, – дейди Жаратқан Ийе. 7– Бабилонияда жасап атырған Сион халқы, қашып қутылыңлар». 8Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз даңқы ушын мени сизлерди тонаған халықларға жиберди. Ол былай дейди: «Сизлерге тийген Мениң көзимниң қарашығына тийген болады. 9Мен оларға қарсы қолымды көтеремен. Өзлерине қул еткен халықлар оларды тонайды». Сонда сизлер мени Әлемниң Жаратқан Ийеси жибергенин билип аласызлар.
10«Ҳәй, қыз Сион, қуўан ҳәм шадланып бақыр! Мине, Мен сизлердиң араңызда жасаў ушын келемен, – дейди Жаратқан Ийе. 11– Сол күни көп миллетлер Жаратқан Ийеге, яғный Маған қосылып, Мениң халқым болады. Шынында, Мен сизлердиң араңызда жасайман». Сол ўақытта мени Әлемниң Жаратқан Ийеси сизлерге жибергенин билесиз. 12Яҳуда мухаддес жердеги Жаратқан Ийениң мүлки болады, Ерусалимди және таңлап алады.
13Ҳәй, пүткил адамзат, Жаратқан Ийениң алдында үнсизлик сақлаң! Ол Өзиниң мухаддес мәканынан шығып киятыр!
Currently Selected:
Зехария 2: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022