Зехария Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап Зехария пайғамбардың пайғамбаршылықларынан ибарат. Б. э. ш. 538-жылы ол Бабилониядағы сүргин етилген яҳудийлер менен бирге Ерусалимге қайтады. Зехария Хаггай пайғамбардың заманласы ҳәм оннан кейин де көп жыллар даўамында хызмет еткен.
Сол дәўирде Яҳуда үлкеси Персия империясының қол астында еди. Яҳудаға қайтқан яҳудийлер Ибадатхананы қайта қурыўды баслаған еди. Деген менен, халық түскинликке түсип, қурылыс ислерин тоқтатады.
Китаптың биринши бөлиминде (1–8 баплар) Қудайдың Зехарияға сегиз аян бергени ҳаққында сөз етиледи. Зехария метафора сүўретлеўлерге бай болған аянлар арқалы халықты руўхландырады, Ибадатхананы ақырына дейин қурыўы ушын оларға жигер береди.
Китаптың екинши бөлиминде (9–14 баплар) Зехария келетуғын патша ҳәм Қудайдың халыққа беретуғын жарқын келешеги ҳаққында айтып, халыққа үмит бағышлайды. Китаптың бул бөлиминде аянлар узақ келешекке тийисли болып, басқа халықлардың Ерусалим ҳәм Яҳудаға ҳүжим қылатуғыны туўрысында хабар береди. Сол ўақыт келгенде, Яҳуда халқының көбиси өлтириледи, бирақ Қудай Өз халқының бир бөлегин қутқарып қалады. Сонда Яҳуда халқынан аман қалғанлары тәўбе қылып, Қудайға қайтады, Қудай оларды кеширеди. Сол заманда Ерусалим қаласы мәртебели болады. Қаладан өмир булағы ағып шығады. Пүткил жер жүзиндеги халықлар Қудайға сыйынады.
Currently Selected:
Зехария Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022