Матта 27
27
Ийсаның Пилаттың алдына апарылыўы
(Мрк 15:1; Лук 23:1-2; Юхн 18:28-32)
1Таң атқанда, барлық бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Ийсаны өлтириў туўралы кеңести де, 2Оны байлатып, римли ҳәким Пилатқа апарып тапсырды.
Яҳуданың өлими
(Елш 1:18-19)
3Сонда Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда Оның жазаға ҳүким етилгенин көрип өкинди де, алған отыз гүмис теңгени бас руўханийлер менен халық ақсақалларына қайтарып берип:
4– Мен сатқынлық қылдым. Айыпсыз қанды төктирип, гүна иследим, – деди.
Олар оған:
– Бизлерге не? Өзиң бил, – деди.
5Сонда Яҳуда гүмисти Ибадатхананың ишине ылақтырып таслады да, сыртқа шығып кетип, асылып өлди.
6Бас руўханийлер гүмисти алып:
– Буны Ибадатхана қазнасына салыўға болмайды, себеби бул қанның қуны, – деди.
7Олар өз ара ойласып, сол ақшаға гүлалшының егислик жерин сатып алды да, оны жат жерден келгенлерди жерлеўге арнады. 8Сонлықтан сол жер усы күнге дейин «Қан жери» деп аталады.
9Солай етип, Еремия пайғамбардың алдын ала айтқан мына сөзлери орынланды:
«Олар отыз шекел гүмисти, яғный Израилдың урпақлары баҳалаған Оның қунын алып, 10Жаратқан Ийе маған айтқанындай, гүлалшының егислик жери ушын берди».#27:9-10 Зхр 11:12-13; Ерм 19:1-13; 32:6-9.
Өлим ҳүкими
(Мрк 15:2-15; Лук 23:3-5, 13-25; Юхн 18:33-38; 19:1-16)
11Ийса римли ҳәкимниң алдында турғанда, ҳәким Оннан:
– Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
Ийса оған:
– Сол екенимди өзиң айтып турсаң, – деп жуўап берди.
12Ал бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Оны айыплағанда, Ол ҳеш жуўап бермеди.
13Сонда Пилат Оған:
– Саған қарсы қаншама гүўалықлар берилип атырғанын еситип турған жоқсаң ба? – деди.
14Бирақ өзиниң бирде бир сөзине Ийсаның жуўап қайтармағанына ҳәким қатты ҳайран қалды.
15Қутқарылыў байрамында халық сораған бир тутқынды босатып бериў ҳәкимниң әдети еди. 16Сол ўақытта қамақта Барабба деген белгили бир жынаятшы бар еди. 17Халық жыйналып болғанда, Пилат оларға былай деди:
– Сизлер кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Бараббаны ма ямаса Масийх деп аталатуғын Ийсаны ма?
18Өйткени ол олардың Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
19Пилат ҳүким гүрсисинде отырғанда, ҳаялы оған мынадай хабар жиберди: «Сол ҳақ Адамға ҳеш нәрсе ислеме. Мен бүгин түсимде Ол себепли көп азап шектим».
20Бас руўханийлер менен халық ақсақаллары халықты үгитлеп:
– Бараббаны босатып берип, Ийсаны өлтириўди талап етиңлер, – деди.
21Ҳәким олардан және:
– Сизлерге екеўиниң қайсысын босатып бериўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
Олар:
– Бараббаны, – деди.
22Пилат олардан:
– Ал Масийх деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады.
Олардың ҳәммеси де:
– Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди.
23Ал Пилат олардан:
– Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады.
Бирақ олар:
– Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп қаттырақ бақырысты.
24Пилат ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын ҳәм қозғалаң басланажағын сезип, суў алды да, халықтың көз алдында қолын жуўып:
– Бул адамның қанының төгилиўине мен айыплы емеспен, сизлер жуўапкерсиз, – деди.
25Пүткил халық:
– Оның қаны ушын бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жуўапкер болғаймыз! – деп жуўап қайтарды.
26Сонда Пилат оларға Бараббаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы
(Мрк 15:16-20; Юхн 19:2-3)
27Сонда ҳәкимниң әскерлери Ийсаны ҳәким Пилаттың сарайына алып барып, Оның алдына пүткил әскерлерди жыйнады. 28Оның кийимлерин шешип, үстине қырмызы шапан жапты да, 29тикенли шыбықлардан таж өрип, Оның басына кийгизди. Оң қолына қамыс таяқты услатты да, Оның алдына дизерлеп отырып:
– Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп мазақ етти.
30Оған түкирди, қамысты алып, Оның басына урды. 31Оны масқаралап болғаннан кейин, үстиндеги шапанды шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи
(Мрк 15:21-32; Лук 23:26-43; Юхн 19:17-27)
32Әскерлер шығып баратырғанда Шимон атлы бир киренели адамды ушыратып, оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. 33Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге келгенде, 34олар Ийсаға өт қосылған шарапты ишиўге берди, бирақ Ол татып көрип, ишиўден бас тартты.
35Оны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң шек тасласып, кийимлерин өз ара бөлисти#27:35 Заб 21:19., 36соңынан отырып, Оны қараўыллады. 37Оның айыбын көрсететуғын: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ ИЙСА» деген жазыўды басының үсти бетине, ағашқа қағып қойды. 38Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи.
39Ийсаның жанынан өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип#27:39 Заб 21:8.:
40– Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, қәнекей, Өзиңди Өзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип көрши! – дести.
41Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оны мазақ қылып былай деди:
42– Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенемиз. 43Ол Қудайға арқа сүйеп тур. Егер Қудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын#27:43 Заб 21:9.. Себеби Ол: «Мен Қудайдың Улыман», – деген еди-ғо.
44Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленген қарақшылар да Оны усылай мазақ етти.
Ийсаның жан тапсырыўы
(Мрк 15:33-41; Лук 23:44-49; Юхн 19:28-30)
45Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. 46Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен:
– Элий, Элий! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?»#27:46 Заб 21:2. – дегенди аңлатады.
47Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип:
– Ол Илиясты шақырып атыр, – деди.
48Дәрриў олардың биреўи жуўырып барып, бир сорғышты сирке суўына батырып алды да, оны таяққа қадап, Оған ишиўге берди.
49Ал басқалары:
– Тоқтай тур, Илияс келип, Оны қутқарар ма екен, көрейик, – дести.
50Ийса және бәлент даўыс пенен бақырды да, жан тапсырды.
51Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды. 52Қәбирлер ашылып, жатырған мухаддеслердиң көбиси қайта тирилди. 53Ийса қайта тирилгеннен кейин, олар қәбирлеринен шығып, мухаддес қалаға барды ҳәм көп адамларға көринди.
54Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын көрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып:
– Бул ҳақыйқаттан да, Қудайдың Улы екен! – дести.
55Сол жерде узақтан қарап турған көп ҳаяллар да бар еди, олар Ийсаның изине Галиладан ерип келип, Оған хызмет еткен еди. 56Олардың арасында магдалалы Мәриям, Яқып пенен Юсуптиң анасы Мәриям ҳәм Зебедейдиң улларының анасы да бар еди.
Ийсаның қәбирге қойылыўы
(Мрк 15:42-47; Лук 23:50-56; Юхн 19:38-42)
57Кеш болғанда, Ариматиядан Юсуп атлы бир бай адам келди. Ол да Ийсаның шәкирти еди. 58Ол Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. Пилат оған бериўди буйырды. 59Юсуп денени алып, оны таза зығыр кепинге орады да, 60өзиниң жартаста ойылған жаңа қәбирине апарып қойды. Соңынан үлкен бир тасты домалатып, қәбирдиң аўзына қойды да, сол жерден кетип қалды. 61Магдалалы Мәриям менен басқа Мәриям сол жерде, қәбирдиң қарсысында отырған еди.
Қәбирди қараўыллаў
62Келеси күни, яғный яҳудийлердиң таярлық күнинен#27:62 Таярлық күни – жума күни. кейинги Шаббат күни#27:62 Шаббат күни – шемби күни. бас руўханийлер менен парисейлер Пилаттың алдына жыйналып, 63оған:
– Тақсыр! Ана өтирикшиниң тири ўақтында: «Мен үш күннен кейин қайта тирилемен», – дегени есимизге түсти. 64Сонлықтан да, шәкиртлери түнде келип, Оны урлап алып кетип, халыққа: «Ол өлимнен қайта тирилди», – деп айтпаўы ушын, Оның қәбирин үш күнге дейин қараўыллаўға буйрық бериң. Олай етпесек, соңғы жалған бурынғысынан да бетер болады, – деди.
65Пилат оларға:
– Сақшылар бар-ғо. Барып, қәбирди өз билгенлериңизше гүзетиңлер, – деди.
66Олар барып, тасқа мөр басты да, қәбирге сақшы қойды.
Currently Selected:
Матта 27: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022