1
Матта 27:46
Мухаддес Китап
КркМК22
Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен: – Элий, Элий! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» – дегенди аңлатады.
Compare
Explore Матта 27:46
2
Матта 27:51-52
Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды. Қәбирлер ашылып, жатырған мухаддеслердиң көбиси қайта тирилди.
Explore Матта 27:51-52
3
Матта 27:50
Ийса және бәлент даўыс пенен бақырды да, жан тапсырды.
Explore Матта 27:50
4
Матта 27:54
Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын көрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып: – Бул ҳақыйқаттан да, Қудайдың Улы екен! – дести.
Explore Матта 27:54
5
Матта 27:45
Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды.
Explore Матта 27:45
6
Матта 27:22-23
Пилат олардан: – Ал Масийх деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады. Олардың ҳәммеси де: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди. Ал Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп қаттырақ бақырысты.
Explore Матта 27:22-23
Home
Bible
Plans
Videos