YouVersion Logo
Search Icon

Юнус Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Юнус китабы басқа пайғамбаршылық китаплардан өзгеше болып, Юнустың айтқан ўазы тек ғана бир гәптен ибарат. Бул китапта Юнус қырылып жоқ болыўға ҳүким етилген Ниневия халқын ескертиў ушын барыўдан бас тартып, Жаратқан Ийеге бойсынбайтуғыны сөз етиледи. Юнус, ҳәттеки, қаланың қыйралыўын қәлеген еди, өйткени Ниневия Израилдың душпаны Ассирия мәмлекетиниң пайтахты еди. Бирақ Жаратқан Ийе Юнусты туўры жолға салады. Соннан кейин, Юнус Ниневияға барып, Қудайдың буйрығын орынлайды.
Көп адамлар Юнус китабын оқығанда, үлкен балықтың Юнусты жутып жибергенине ғана итибар береди. Деген менен, бул китапта Жаратқан Ийениң ҳәммеге мийрим-шәпәәт көрсетиўди қәлейтуғыны туўралы айтылады.
Юнус пайғамбар 4Пат 14:25-аятта айтып өтиледи, демек ол б. э. ш. VІІІ әсирлердиң орталарында жасаған.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in