YouVersion Logo
Search Icon

Обадия 1

1
Эдомның жазаланыўы
1Бул Обадияның көрген аяны.
Қудай Ийе Эдом ҳаққында бул сөзлерди айтты.
Жаратқан Ийеден бир хабар еситтик.
Миллетлерге жолланған жаршы:
«Келиңлер, Эдомға урыс ашайық!» – деди.
2«Ҳәй, Эдом, сени миллетлер арасында арзымас қыламан,
Сен оғада жек көринишли боласаң.
3Жартастың жарықларында жасап,
Төбелердиң бийик шоққыларына жайластың,
Жүрегиңдеги тәкаббирлик сени алдады.
Өзиңше: „Ким мени жерге түсире алады?“ – дедиң.
4Бүркиттей жоқарыласаң да,
Уяң жулдызлар арасында болса да,
Ол жерден төменге түсиремен сени,
– деди Жаратқан Ийе. –
5Уры ҳәм қарақшылар түнде келсе,
Тек ғана өзлерине керегин алмай ма?
Жүзим теретуғынлар бағыңа кирсе,
Азғантай болса да, жүзим қалдырмай ма?
Бирақ сен толық набыт боласаң.
6Эсаўдың әўлады – Эдом,
Сениң ҳәмме нәрсең талан-тараж қылынатуғыны соншелли,
Ҳәттеки, жасырын ғәзийнелериң де табылып, тартып алынады.
7Барлық аўқамласларың саған қарсы шығып,
Сени өз жериңнен қуўып шығарады.
Келисим дүзгенлериң сени алдап, жеңилиске ушыратады,
Наныңды жегенлер саған дузақ қурады,
Ал сен буны билмей қаласаң.
8Сол күни,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Эдомның дана адамларын,
Эсаўдың таўлы жериндеги ақыллы адамларды жоқ қыламан.
9Ҳәй, Теман, сениң жаўынгерлериң қорқынышқа түседи,
Эсаўдың таўлы жериндеги ҳәр бир адам жоқ қылынады.
10Туўысқаныңа, яғный Яқыпқа,
Ислеген жаўызлықларың ушын шерменде болып,
Мәңгиге жоқ боласаң.
11Оның мал-мүлкин жат жерлилер алып кеткен күни,
Сен узақтан қарап турдың.
Жат халықлар Ерусалим дәрўазаларына кирип,
Ол ушын шек таслағанда,
Сен де олар сыяқлы ис туттың.
12Туўысқаныңның басына түскен бахытсызлығы ушын,
Қол қаўсырып, қарап турмаўың керек еди.
Яҳуда халқы қырғынға ушырағанда, қуўанбаўың керек еди,
Апат күнлеринде, мақтанбаўың керек еди.
13Халқым апатқа ушыраған күни, қала дәрўазаларына кирмеўиң керек еди.
Сол күни халқым ушыраған бахытсызлыққа қуўанбаўың керек еди.
Олар азапқа дуўшар болғанда, мал-мүлкин олжа қылмаўың керек еди.
14Қашып баратырғанларды өлтириў ушын,
Жол кесилиспелерин тоспаўың керек еди.
Сол апат күнинде аман қалғанларды,
Душпан қолына тапсырмаўың керек еди».
Қудайдың басқа халықларды ҳүким қылыўы
15«Мениң, Жаратқан Ийениң барлық халықларды ҳүким қылатуғын күним жақынласты,
Ҳәй, Эдом, сен не ислеген болсаң, саған да сол исленеди,
Ислеген қылмысларың өз басыңа түседи.
16Сизлер мухаддес таўымда ғәзеп шарабын ишип алғаныңыз сыяқлы,
Барлық халықлар да сол шараптан симиреди.
Ишип-ишип бул дүньядан жоқ болып кетеди».
Израилдың жеңиси
17«Сион таўы аман қалғанларға пана болады,
Ол жер мухаддес болады.
Яқыптың урпақлары тартып алынған мүлкине қайтадан ийелик қылады,
18Яқыптың урпақлары от,
Юсуптиң халқы жалын,
Эсаўдың халқы сабан болып қалады.
Оларды өртеп, жоқ қылады,
Эсаўдың әўладынан аман қалғаны болмайды».
Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
19Негебте жасайтуғын Яҳуда халқы Эсаўдың таўлы жерин ийелейди. Ал батыстағы таў етеклеринде жасайтуғынлар Филист, Эфрайым ҳәм Самария жерлерин ийелейди. Беняминлилер Гиладты ийелеп алады. 20Сүргин етилген израиллы жаўынгерлер Сарафатқа дейин созылған Қанан жерлерин ийелейди. Ерусалимнен сүргин қылынып Сефарадта жасап атырғанлар Негебтеги қалаларды ийелеп алады. 21Жеңимпазлар Эсаўдың таўлы жерине ҳүкимдарлық қылыў ушын, Сион таўына шығады. Бул патшалық Жаратқан Ийеге тийисли болады.

Currently Selected:

Обадия 1: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in