YouVersion Logo
Search Icon

Хаггай Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап б. э. ш. 520-жылы Қудайдың Хаггай пайғамбар арқалы жиберген хабарларынан ибарат. Б. э. ш. 538-жылы Персия патшасы Кир шығарған пәрман бойынша, яҳудийлер Бабилоннан Ерусалимге қайтып, Ибадатхананы қайта қурыўға кириседи. Бирақ көп қарсылықлар себепли қайта қурыў ислери тоқтап қалады.
Б. э. ш. 520-жылға дейин яҳудийлердиң көбиси Бабилониядағы сүргиннен қайтып келеди. Бирақ адамлар Қудайдың үйине итибарсыз болып, тек ғана өз үйлерин қурыў ҳәм безеў менен әўере болады. Халықтың Қудайға болған бундай ҳүрметсизлиги ҳәм қулақсызлығы көп апатларға себеп болады: аспаннан шық түспейди, жер зүрәәт бермейди, үлкеде ашлық ҳүким сүреди, халық гедейлеседи ҳәм қылған мийнетлери нәтийжесиз болады.
Хаггай пайғамбар бийпәрўа болған Яҳуда халқын Ибадатхананы тиклеўге шақырады. Өйткени усы арқалы халық Қудайға өзиниң шын ҳүрметин ҳәм итибарын көрсете алатуғын еди. Халық Ибадатхананы қурыўды баслағаннан кейин, Қудай оларға берекет бериўди ҳәм елине абаданшылық сыйлаўды ўәде қылады.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in