YouVersion Logo
Search Icon

Хаггай 1

1
Жаратқан Ийениң Ибадатхананы қайтадан қурыўды буйырыўы
1Патша Дарийдиң патшалығының екинши жылының алтыншы айының биринши күнинде Яҳуда ҳәкими Шеалтиелдиң улы Зеруббабелге ҳәм бас руўханий Иосадақ улы Ешуаға пайғамбар Хаггай арқалы Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2«Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Бул халық Жаратқан Ийениң Үйин қайтадан қуратуғын ўақыт еле келмеди, деп айтып атыр».
3Соннан кейин, Жаратқан Ийеден пайғамбар Хаггай арқалы және мынадай сөз түсти:
4«Бул Ибадатхана ўайран болып қулап атырған ўақытта, сизлерге ағашлар менен қапланған сулыў үйлерде жасайтуғын ўақыт па?
5Мине, енди Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Өзлериңиздиң тутқан жолларыңыз ҳаққында жақсылап ойланып, түсинип алыңлар! 6Көп ектиңлер, бирақ аз орып алдыңлар. Сизлер аўқат ҳәм шарап ишип-жесеңиз де, тоймадыңлар. Кийим-кеншек кийсеңиз де, денеңиз жылымады. Ис ҳақыңызды алғаныңыз бенен, тесик шыжлан қалтаға салғандай болады.
7Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деп айтып атыр: Өзлериңиздиң тутқан жолларыңыз ҳаққында жақсылап ойланып, түсинип алыңлар! 8Таўларға шығып, ағаш алып келиңлер ҳәм Мениң Үйимди қайта қурыңлар. Усылай етип, Мениң кеўлим толып, атым уллылансын! – дейди Жаратқан Ийе. 9– Мол зүрәәт алыўға үмит еткен едиңлер, бирақ аз жыйнадыңлар. Аўа, үйлериңизге не алып келсеңиз де, оларды көкке суўырдым. Не ушын? – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Аўа, Мениң Үйим ўайран болып жатырған ўақытта, сизлер өз үйлериңизди салыўға жуўырғаныңыз ушын солай иследим. 10Соның ушын да, аспан жаўылып, шық түспеди ҳәм жер өз зүрәәтин бермеди. 11Елдеги таўларға ҳәм атызларға қурғақшылық жибердим. Буның кесири таза шарапқа, зәйтүн майына, жердиң жетистиретуғын барлық өнимлерине, адамларға ҳәм ҳайўанларға тийип, ислеген мийнетлериңиз босқа кетти».
Халықтың буйрыққа қулақ асыўы
12Сонда Шеалтиел улы Зеруббабел, бас руўханий Иосадақ улы Ешуа ҳәм қалған халықтың барлығы Қудайы Жаратқан Ийе жиберген пайғамбар Хаггайдың сөзлерине қулақ салып, Жаратқан Ийеге бойсынды.
13Кейин Жаратқан Ийениң хабаршысы Хаггай Оның: «Мен сизлер менен биргемен», – деген сөзлерин халыққа жеткерди. 14Солай етип, Жаратқан Ийе Яҳуда ҳәкими Шеалтиел улы Зеруббабелди, бас руўханий Иосадақ улы Ешуаны ҳәм қалған халықтың барлығын руўхландырып, усы иске жигерлендирди. Сонда олар келип, Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Үйиниң қайта қурыў жумысын баслап жиберди. 15Бул патша Дарийдиң патшалығының екинши жылының алтыншы айының жигирма төртинши күни еди.

Currently Selected:

Хаггай 1: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in