Сефания 3
3
Ерусалимниң гүнасы
1Ҳәсирет шегеди, бойсынбайтуғын ҳәм ҳарамланған қала,
Езиўшилерге толы қала!
2Ол ҳеш қулақ салмады,
Өзине сабақ алмады,
Жаратқан Ийеден үмит етпеди,
Өз Қудайына бет бурмады.
3Қала ҳүкимдарлары ақырған арыслан яңлы,
Қазылар түнде гезип жүрген аш қасқырлар сыяқлы,
Олар таңға дейин олжадан ҳеш нәрсе қалдырмайды.
4Пайғамбарлары тәкаббир ҳәм бийопа,
Руўханийлери мухаддес нәрсени ҳарамлайды,
Олар Қудайдың нызамын бузады.
5Бирақ әдил Жаратқан Ийе еле сол қалада,
Ол наҳақлық қылмайды,
Ҳәр күни азанда әдалатлығын жүзеге асырады,
Ҳәр таңда буны тоқтатпайды.
Деген менен, наҳақлар уят дегенди билмейди.
6Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мен халықларды жоқ еттим,
Қорғанларын қулаттым,
Көшелерин ўайран қылдым, енди олардан ҳеш ким жүрмейди,
Қалалары ўайран болып, босап қалды,
Бирде бир адамзаты қалмады.
7Халқым Меннен қорқар,
Буннан өзине сабақ алар, деп ойладым.
Сондай қылғанда, мәканлаған жерине тиймеген болар едим,
Беретуғын жазама ушырамаған болар еди.
Деген менен, олар ҳәр бир исинде гүна ислеўге ҳәўес еди».
Халықлар Ийемизге жүз бурады
8«Енди Мени күтиңлер,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Халықларды тонайтуғын күнимди күтиңлер.
Мен халықларды жыйнаўды,
Патшалықларды бир жерге топлаўды шештим.
Олардың үстине ашыўымды,
Лаўлаған ғәзебимди шашаман.
Отлы қәҳәрим пүткил жер жүзин жандырып таслайды.
9Кейин Мен барлық халықлардың аўызларын пәклеймен,
Сонда олар Мениң атымды айтып шақырып,
Биргеликте Маған хызмет етеди.
10Шашырап кеткен, Маған сыйынатуғын халқым,
Хабашстандағы дәрьялардың арғы жағынан,
Маған сыйлар алып келеди.
11Ҳәй, Ерусалим, Маған қарсы шыққан қозғалаңларың ушын,
Сол күни уялып қалмайсаң,
Өйткени сендеги менмен ҳәм мақтаншақларды жоқ қыламан.
Мухаддес таўымда сен ҳеш қашан және көкирек көтермейсең.
12Сендеги кишипейил ҳәм қарапайым адамларды қалдыраман,
Олар Жаратқан Ийе болған Мениң атымнан пана табады.
13Израиллылардан аман қалғанлары наҳақлық қылмайды,
Жалған сөйлемейди,
Ҳеш кимди алдамайды,
Олар қойлардай тыныш отлайды, жатады,
Оларды қорқытатуғын ҳеш ким болмайды».
Салтанатлы түрде шадланыў
14Ҳәй, қыз Сион, шадланып бақыр!
Ҳәй, Израил, қуўанышлы түрде бақыр!
Шын жүректен шадланып, йош,
Ҳәй, қыз Ерусалим!
15Жаратқан Ийе саған қарсы ҳүкимди алып таслады,
Душпанларыңды қуўып жиберди.
Израилдың Патшасы Жаратқан Ийе сениң ишиңде.
Енди қайтып апаттан қорқпайсаң.
16Сол күни Ерусалимге мынадай сөзлер айтылады:
«Қорқпа, ҳәй, Сион, қолларың босаспасын.
17Қудайың Жаратқан Ийе сениң ишиңде,
Ол қүдиретли қутқарыўшы.
Ол сизлерди деп қуўанып, шадланады,
Сүйиспеншилиги менен сизлерди жубатады,
Сен ушын бәлент даўыс пенен шадланады».
18Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ҳәй, сүргин болып, байрамлардан бос қалғанлар,
Сизлер қапа болған едиңлер,
Енди Мен сизлерден апатты алып таслайман,
Буннан былай, масқара болмайсыз.
19Мине, сизлерге зулым қылғанларды Өзим жазалайман,
Ақсағанларды қутқарып, тарап кеткенлерди жыйнап аламан.
Шерменде болған еллеринде,
Оларды абырай ҳәм ҳүрметке еристиремен.
20Сол ўақытта Мен сизлерди жыйнап,
Елиңизге жетелеп, алып келемен.
Сизлерди және абаданшылыққа еристиремен,
Буны өз көзиңиз бенен көресиз,
Дүньядағы барлық халықлардың алдында,
Сизлерди ҳүрмет ҳәм абырайға еристиремен», – дейди Жаратқан Ийе.
Currently Selected:
Сефания 3: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

:
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022