YouVersion Logo
Search Icon

Хабаққуқ 2

2
1Мен гүзетши минарасына шығып,
Минараның үстинде қарап тураман,
Жаратқан Ийениң жуўабын күтемен.
Мениң налаларыма қандай жуўап беретуғынын көремен.
Жаратқан Ийениң Хабаққуққа берген жуўабы
2Сонда Жаратқан Ийе маған былай деп жуўап берди:
«Тасларға анық қылып жаз саған аян қылғанларымды,
Ҳәр бир адам бир қарағаннан оқый алатуғын болсын.
3Бул аян белгиленген ўақытта әмелге асады,
Сол ўақыт тез арада келеди, бул аян жалған емес.
Егер де кешиккендей болып көринсе, сабыр ет,
Ол әлбетте кешикпей орынланады.
4Қара, менмен адам туўры жолдан жүрмегени ушын өледи,
Ҳақ адам Қудайға болған садықлығы арқалы жасайды.
5Байлық#Хаб 2:5 Байлық – Қумран қолжазбасынан. Басқа еврейше қолжазбаларда «Шарап». алдамшыдур,
Менмен адам тыным таппайды,
Ол өлилер мәканына уқсап,
Өлим сыяқлы ҳеш қашан тоймайды.
Соның ушын, еллерди басып алып, халықларды тутқын қылады.
6Тутқынға түскен халықлар оның үстинен күлип, мазақлап былай дейди:
„Ҳәй, өзине тийисли болмағанды талап, бир үйин қылған,
Ҳәсирет шегесең, басқалардың затларын тонап, қарызыңды арттырған.
Бул жағдай қашанға дейин даўам етер еди?“
7Қарызыңды қайтарыўды талап қылатуғынлар тосаттан пайда болады,
Олар келип, сени қорқыныш ишинде қалдырады,
Сонда сен олар ушын олжа болып қаласаң.
8Сен көп халықларды тонап, қан төктиң.
Еллерге, қалаларға ҳәм ондағы халықларға зорлық-зомбылық қылдың,
Соның ушын, олардан аман қалғанлары сени талайды.
9Үйин жаўызлық пенен байлыққа толтырып,
Апаттан қашыў ушын, үйин бийикке қурған, ҳәсирет шегеди!
10Сен өз ҳийлең менен,
Өз урпағыңа шерменделик алып келдиң,
Көп халықларды қыйратқаның ушын,
Апат алып келдиң өз басыңа.
11Ҳәттеки, үйиңниң дийўал таслары саған қарсы пәрияд қылады,
Өре ағашлары да оларға қосылып жаңғырады.
12Ҳәй, қан төгип қала қурған, ҳәсирет шегесең,
Ҳәй, әдалатсызлық пенен қорған салған, ҳәсирет шегесең!
13Халықлардың тер төгип ерискенлериниң жанып кетиўи,
Миллетлердиң барлық мийнетлериниң босқа шығыўы,
Әлемниң Жаратқан Ийесиниң иси емес пе?
14Өйткени суўлар теңизди толтырып турғанындай,
Жер жүзи Жаратқан Ийениң уллылығы ҳаққындағы билимге толады.
15Ҳәсирет шегесең! Ҳәй, жалаңаш денелерин тамаша қылыў ушын,
Қоңсы халықларға мәс болғанынша өзиңниң ғәзеп шарабыңнан иштирген.
16Сен абырай орнына шерменделикке бөленесең,
Енди гезек саған келди, өзиң де иш ҳәм көринсин сүннетсиз жалаңаш денең.
Жаратқан Ийе саған иштирер оң қолындағы жазаға толы кесесин,
Сөйтип абырайыңды төгип, шерменде қылар.
17Лебанон тоғайларында қылған зорлық-зомбылығың өз басыңа түседи,
Жабайы ҳайўанларды қырып тасладың,
Енди сол ислеген жаўызлығың өзиңди қорқыўға салады.
Адамзаттың қанын төктиң,
Еллерге, қалаларға ҳәм ондағы халықларға зорлық-зомбылық қылдың.
18Адамзаттың қолдан соққан ойма ҳәм қуйма бутлары неге жарайды?
Олардың не пайдасы бар жалғаннан басқа?
Адам өзи соққан бутына исенер,
Бирақ соққан буты тилсиз бир үнсиз затдур.
19Ағаш бутқа „Оян!“ деп айтқан,
Тилсиз тасқа „Тур!“ деп жалбарынған, ҳәсирет шегесең!
Бут саған туўры жолды көрсете алар ма еди?
Олар алтын ҳәм гүмис пенен қапланғандур,
Бирақ оның ишинде өмир жоқ.
20Ал Жаратқан Ийе – Өз мухаддес Ибадатханасында,
Үнсиз турсын пүткил дүнья Оның алдында».

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in