1
Эфеслилер 6:12
Мухаддес Китап
КркМК22
Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы.
Compare
Explore Эфеслилер 6:12
2
Эфеслилер 6:18
Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил мухаддеслер ушын табан тиреп сораңлар.
Explore Эфеслилер 6:18
3
Эфеслилер 6:11
Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-сайманлары менен қуралланыңлар.
Explore Эфеслилер 6:11
4
Эфеслилер 6:13
Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-сайманлары менен қуралланыңлар.
Explore Эфеслилер 6:13
5
Эфеслилер 6:16-17
Булардың ҳәммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар. Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар.
Explore Эфеслилер 6:16-17
6
Эфеслилер 6:14-15
Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер. Тынышлық Хош Хабарын жәриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер.
Explore Эфеслилер 6:14-15
7
Эфеслилер 6:10
Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар.
Explore Эфеслилер 6:10
8
Эфеслилер 6:2-3
«Ата-анаңды ҳүрметле», – бул ўәде менен бирге берилген ең баслы буйрық. Сол ўәде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳәм жердеги өмириң узақ болады».
Explore Эфеслилер 6:2-3
9
Эфеслилер 6:1
Ҳәй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады.
Explore Эфеслилер 6:1
Home
Bible
Plans
Videos