Солай етип, енди сизлер жат ҳәм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Қудайдың шаңарағының ағзаларысыз. Сизлер елшилер ҳәм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы – Масийх Ийсаның Өзи болады.