Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле. Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, өгизиң, ешегиң ҳәм басқа малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын. Солай етип, қул ҳәм шорыларың да өзиңдей дем алсын.