«Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңыз болған Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерге сизлерди алып киреди. Ол сизлерге өзлериңиз қурмаған үлкен ҳәм жақсы қалаларды, өзлериңиз жыйнамаған жақсы мал-мүликлерге толы үйлерди, өзлериңиз мийнет етип қазбаған суў сақлағышларды, өзлериңиз екпеген жүзимзарларды ҳәм зәйтүн бағларын береди. Ол жерде ишип-жеп тоясызлар. Сол ўақытта абайлы болыңлар! Сизлерди Мысырдағы қуллықтан алып шыққан Жаратқан Ийени умытпаңлар.