1
Нызамның қайталаныўы 4:29
Мухаддес Китап
КркМК22
Деген менен, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийени шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен излесеңиз, Оны табасызлар.
Compare
Explore Нызамның қайталаныўы 4:29
2
Нызамның қайталаныўы 4:31
Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе реҳимли Қудайдур. Ол сизлерди таслап кетпейди, жоқ қылып жибермейди ҳәм ата-бабаларыңыз бенен ант ишип дүзген келисимин умытпайды.
Explore Нызамның қайталаныўы 4:31
3
Нызамның қайталаныўы 4:24
Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе жандырып жоқ қылып жиберетуғын от ҳәм Ол қызғаныўшы Қудайдур.
Explore Нызамның қайталаныўы 4:24
4
Нызамның қайталаныўы 4:9
Абайлы болыңлар, көзлериңиз бенен көргенлериңизди умытпай, өмириңиз даўамында жүрегиңизде сақлаңлар. Буларды балаларыңызға ҳәм балаларыңыздың балаларына айтып бериңлер.
Explore Нызамның қайталаныўы 4:9
5
Нызамның қайталаныўы 4:39
Соның ушын, бүгин Жаратқан Ийениң аспанда ҳәм жер жүзинде Қудай екенин, Оннан басқа қудай жоқ екенлигин билип алыңлар ҳәм жүрегиңизде сақлаңлар.
Explore Нызамның қайталаныўы 4:39
6
Нызамның қайталаныўы 4:7
Қудайымыз Жаратқан Ийени қашан шақырсақ та, Ол бизлерге жақын. Қудайы өзлерине усындай жақын болған басқа бир уллы халық бар ма?
Explore Нызамның қайталаныўы 4:7
7
Нызамның қайталаныўы 4:30
Қыйыншылыққа дуўшар болғаныңызда ҳәм усылардың барлығы басыңызға түскеннен кейин барып, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қайтасызлар, Оның сөзине қулақ саласызлар.
Explore Нызамның қайталаныўы 4:30
8
Нызамның қайталаныўы 4:2
Мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларға ҳеш нәрсе қоспаңлар, ҳеш нәрсе алып та тасламаңлар! Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сол буйрықларына әмел қылыңлар!
Explore Нызамның қайталаныўы 4:2
Home
Bible
Plans
Videos