«Енди, ҳәй, Израил халқы, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерден бир нәрсени ғана талап қылады: Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқып, Оның жоллары менен жүриңлер, Оны сүйиңлер, шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен Оған хызмет етиңлер. Мен бүгин сизлерге берип атырған Жаратқан Ийениң буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылыңлар, сонда абадан турмыс кеширесиз.