Мине, бүгин мен сизлерге таңлаўыңыз ушын, жарылқаў менен нәлетти усынып атырман. Егер де бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынсаңыз, онда жарылқаў аласыз. Бирақ егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына қулақ салмай, өзлериңиз танымайтуғын басқа қудайлардың изинен кетип, сизлерге бүгин буйырған жолдан азғырылсаңыз, онда нәлетке ушырайсыз.