Сизлер өз әдиллигиңиз ҳәм кеўлиңиздиң ҳақлығы себепли олардың жерлерин мүлик етип алып атырған жоқсыз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды ислеген жаўызлықлары себепли сизлердиң алдыңыздан қуўып атыр. Усылайынша, Ол ата-бабаларыңыз Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа ант ишип, берген ўәдесин орынлайды.