Масийхтың сөзи пүткил байлығы менен ишиңизде жасасын. Бир-бириңизге толық даналық пенен тәлим берип, ақыл-нәсият етиңлер. Қудайға шүкирлик билдирип, Оған Забур жырларын, алғыс-мақтаў қосықларын ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықларды шын жүректен айтыңлар. Сөзиңиз ямаса исиңиз бенен қылған ҳәр бир нәрсени Ийемиз Ийсаның аты ушын, Ол арқалы Әкемиз Қудайға шүкирлик етип ислеңлер.