1
Колосалылар 2:6-7
Мухаддес Китап
КркМК22
Сонлықтан Масийх Ийсаны Ийемиз деп қабыл еткен болсаңыз, Оның менен тығыз қатнаста болып жасаңлар. Онда тамыр жайып ҳәм тикленип, өзлериңиз үйренгендей, исенимде беккемленип барыңлар ҳәм Қудайға сансыз шүкирлик билдириңлер.
Compare
Explore Колосалылар 2:6-7
2
Колосалылар 2:8
Сақ болыңлар! Масийхқа емес, ал адамлардың үрп-әдетлерине ҳәм бул дүньядағы мәниссиз қағыйдаларға тийкарланған философия, бос ҳәм өтирик сөзлер менен ҳеш ким сизлерди олжа етпесин.
Explore Колосалылар 2:8
3
Колосалылар 2:13-14
Сизлер гүналарыңыз ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың сүннетсизлиги себепли өли едиңлер, бирақ Қудай сизлерди Масийх пенен бирге тирилтти. Ол барлық гүналарымызды кеширди. Мухаддес Нызам талаплары бойынша бизлерге қарсы айып тағып, ҳүким белгилейтуғын ҳүжжетти Қудай өширди ҳәм оны атанақ ағашқа шегелеп, жоқ қылды.
Explore Колосалылар 2:13-14
4
Колосалылар 2:9-10
Өйткени қудайлық тәбияттың пүткил толылығы Масийхтың денесинде жасайды. Сизлер де ҳәр қандай ҳәкимшилик ҳәм бийликтиң басы Масийх пенен қатнаста болып, усы толылыққа еристиңиз.
Explore Колосалылар 2:9-10
5
Колосалылар 2:16-17
Солай етип, жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерге, байрамға, жаңа айға ямаса Шаббат күнине байланыслы ҳеш ким сизлерди ҳүким етпесин. Булар тек келиўи тийис нәрсениң көлеңкеси, ал ҳақыйқатлық болса Масийхта.
Explore Колосалылар 2:16-17
Home
Bible
Plans
Videos